Илаж даўамында ӨФАның өткен жылдағы жумысы жуўмақланды, әмелге асырылған жойбарлар көрип шығылды ҳәм алдағы режелер белгилеп алынды. Конгресс жумысында Спорт министрлиги, Миллий олимпиада комитети, ӨФА басшылары, тараў қәнигелери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сайлаў комитетиниң қарары менен:

Баҳодир Қурбонов Өзбекстан футбол ассоциациясының президенти етип қайта сайланды;

Равшан Эрматов - ӨФА биринши вице-президенти;

Одил Аҳмедов - ӨФА вице-президенти.

Сондай-ақ, МОҚ Бас хаткери Ойбек Қосимов ӨФА Атқарыў комитетиниң ағзалығына сайланды. Сондай-ақ, шөлкемниң 2025-жыл ушын есабаты тыңланды ҳәм структуралық бөлимлериниң қурамлары тастыйықланды.

Конгрессте шығып сөйлеген ӨФА президенти Баҳодир Қурбонов футбол тараўын санластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм коррупцияның алдын алыў илажлары ҳаққында айтып өтти.

Жылдың жуўмағы бойынша өзбек футболының ең жақсы ўәкиллерин сыйлықлаў мәресими болып өтти:

Өзбекстан футболы лауреатлары - 2025:

Жылдың ең жақсы футболшысы - Элдор Шомуродов

Жылдың ең жақсы футболшысы - Диёра Хабибуллаева

Жылдың ең жақсы төрешиси - Илгиз Танташев

Ең жақсы ҳаял төреши - Насибабону Тошмуҳамедова;

Балалар футболы бойынша ең жақсы тренер - Юсуф Эргашев

Жылдың ең жақсы тренери - Тимур Кападзе

Ҳаял-қызлар жоқары лигасының ең жақсы футболшысы - Нилуфар Қудратова

Ҳаял-қызлар футболында ең жақсы тренер - Владислав Хан

Ең жақсы жас футболшы - Садриддин Ҳасанов

Ҳаял-қызлар жоқары лигасының ең жақсы бомбардири Диёра Ҳабибуллаева.

Ең жақсы аймақлық футбол ассоциациясы - Қарақалпақстан Республикасы.