Өзбекстанда аймақлар ҳәм социаллық тараўда электрон хызметлер сапасы артады

    18 қыркүйек 2025 693

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 16.09.2025-жылдағы ПҚ-286-санлы қарарында аймақлар, тараў ҳәм тармақларда санлы технологияларды енгизиўди және де жеделлестириў илажлары белгиленген.

    2025-2026-жылларда "Санлы ҳүкимет" системасының тийкарғы бағдарлары:

    41 жойбарды иске қосыў, электрон мәмлекетлик хызметлердиң үлесин 70 процентке жеткериў, сондай-ақ, мәҳәллелерде 30 дан аслам түрдеги мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў;

    аймақларда телекоммуникация инфраструктурасын раўажландырыў, соның ишинде, 66 мың километр оптикалық талшықлы байланыс линияларын тартыў, 2 мың 284 таяныш станциясын пайдаланыўға тапсырыў, 100 ден аслам мәлимлеме системаларын енгизиў;

    халық ҳәм исбилерменлер ушын 100 ден аслам электрон хызмет түрлерин енгизиў, 10 түрдеги мәмлекетлик хызметлерди проактив ҳәм композит түрлерге өткериў, 19 турмыслық жағдайда пуқараларға хабарды автомат түрде жибериў.

    2025-жыл 1-ноябрьден баслап мобил байланыс операторлары, коммерциялық банклер, төлем шөлкемлери тәрепинен электрон мәмлекетлик хызметлер порталында мобил қосымшалар арқалы, киберқәўипсизлик талапларына әмел еткен ҳалда төлемли электрон мәмлекетлик хызметлер көрсетиледи.

    2025-жыл 1-декабрьден баслап МКШларға "Санлы ҳүкимет" системасы арқалы уйымлараралық электрон бирге ислесиўди әмелге асырыўға рухсат бериледи.

    2026-жыл 1-январьдан баслап пуқаралардың социаллық жәрдем көрсетиў бойынша мүрәжатлары, шаңарақлар ҳәм халық ҳаққындағы мағлыўматларды жүргизиў "Санлы мәҳәлле" платформасы арқалы әмелге асырылады. Буның ушын 2025-жыл 15-октябрьге шекем Орайласқан мәҳәллелер реестрин иске қосыў режелестирилген.

    Буннан тысқары, 2026-жыл 31-декабрьге шекем көшпес мүлк объектлери ҳаққындағы барлық мағлыўматлар «UZKAD» АТға бериледи ҳәм Жәҳән геодезия координаталар системасына (WGS-84) байланысқан Адреслердиң бирден-бир мәмлекетлик реестри қәлиплестириледи.

    Тараў ҳәм тармақларды санластырыў.

    2026-жыл 1-майдан баслап майыплықты белгилеў (балалықтан, I ҳәм II топарлар) ҳәм пуқараларды жеңиллетилген емлениўге электрон гезекке қойыў композит тәризде әмелге асырылады.

    2026-жылдың ақырына шекем "Санлы денсаўлықты сақлаў" платформасы менен интеграцияланған, медициналық тексериўден өтиў процесинде шыпакердиң сөзин автоматластырылған түрде протоколластырыўды әмелге асырыўшы "даўыс жәрдемшиси" және МИ технологияларына тийкарланған "санлы шыпакер ассистенти" бағдарламалары иске қосылады.

    Суў хожалығы тараўында 2025-жыл 1-ноябрьден баслап суўды бөлистириўге байланыслы барлық ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар тек ғана "Суў есабы" системасы арқалы электрон түрде әмелге асырылады.

    2026-жыл 1-январьдан баслап сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды Бирден-бир портал арқалы бир жылға шекем ўақытша дизимнен өткериў әмелге асырылады.

    "Санлы ҳүкимет" экосистемасын жетилистириў.

    Санлы технологиялар министрлиги 2026-жыл 1-декабрьге шекем төмендеги имканиятларға ийе болған «OASIS» (Өзбекстан мәлимлеме системаларының интеграцияласқан хызмети) бирден-бир санлы платформасын ислеп шығады:

    мәмлекетлик мәлимлеме системаларын (ИС) жаратыў ҳәм раўажландырыўға бирден-бир технологиялық қатнасты тәмийинлеў;

    модул технологиялары арқалы ИС жаратыў процеслерин оптималластырыў;

    ИС лердиң қолайлылығы, қәўипсизлиги ҳәм нәтийжелилигин арттырыў.

    Ҳүжжет пенен төмендеги дизимлер тастыйықланды:

    2025-2026-жылларда аймақлар, тараў ҳәм тармақларды санлы трансформациялаў бойынша тийкарғы жойбарлар;

    Мәмлекетлик уйымлардың ИС пенен интеграцияласыў арқалы Бирден-бир порталға енгизилетуғын хызметлер;

    турмыслық жағдайлар жүзеге келгенде пайдаланыўшыларға автомат режимде жиберилетуғын электрон хабарнамалар;

    ЯИДХПда енгизилетуғын ҳәм композит тәризде көрсетилетуғын жаңа түрдеги мәмлекетлик хызметлер.

    Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 17.09.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates