Қарарға муўапық, "Жойбарлар ҳәм импорт шәртнамаларын комплексли экспертизалаў орайы" МУК "Жойбарлар ҳәм сатып алыўлардың нәтийжелилигин арттырыў орайы" МУК (Орай) етип қайта шөлкемлестирилмекте.

Орайда төмендеги ҳүжжетлерди комплексли экспертиза етиў әмелияты бийкар етиледи:

2026-жыл 1-апрельден – жойбар алды ҳүжжетлерин ислеп шығыў ушын техникалық тапсырмалар. Онда, олар Орайдың электрон мәлимлеме платформасы (Платформа) на жайластырылған үлги формалар тийкарында ислеп шығылады;

2026-жыл 15-апрельден баслап - баҳасы 15 миллион АҚШ долларынан кем болған жойбарлар бойынша жойбаралды ҳүжжетлерин;

бюджет системасы бюджетлери, мәмлекетлик мақсетли қорлар, белгиленген тәртипте шөлкемлестирилген басқа да қорлар, сондай-ақ, Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын;

корпоратив буйыртпашылар тәрепинен сатылатуғын;

2026-жыл 1-сентябрьден баслап - бажыхана төлемлери бойынша жеңилликлер қолланылған ҳалда импорт етилетуғын товарлардың дизими; Бул функция "Узбекэкспертиза" АЖға өткерилмекте.