Реже Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы жанындағы Салық келиспеўшиликлери бойынша эксперт кеңесиниң жумысын шөлкемлестириў тәртибин, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери ҳәм салық уйымлары арасында пайда болған салық келиспеўшиликлерин көрип шығыў ҳәм олар бойынша жуўмақлар бериў тәртибин белгилейди.

Кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:

исбилерменлик субъектлери ҳәм салық уйымлары арасында пайда болған салық келиспеўшиликлерин көрип шығыў ҳәм олар бойынша жуўмақлар бериў;

салық нызамшылығына ҳәм оларды қолланыўға байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди үйрениў, сондай-ақ, ҳуқықты қолланыў әмелиятының сапасын арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

салық келиспеўшиликлерин көрип шығыўда бизнес жәмийетшилиги, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, илимий шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў.

Кеңестиң қурамы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен тастыйықланады.

Кеңестиң мәжилислери бир айда кеминде еки мәрте өткериледи.