Ҳүжжетте районларда (қалаларда) шөлкемлестирилген Қор таяныш пунктлерин сапластырыў, олардың ўазыйпаларын ҳәм мүлклерин Қор аймақлық бөлимлерине өткериў нәзерде тутылған.
Қорға Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте орынларда, әсиресе, алыс ҳәм кем тәмийинленген аймақларда репродуктив жастағы ҳаял-қызлар, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм балаларға көрсетилип атырған медициналық жәрдем сапасын төмендегилер арқалы және де арттырыў усыныс етиледи:
репродуктив жастағы ҳаяллар, балалар арасында кеселликти азайтыў ҳәм олардың саламатлығын беккемлеўге қаратылған "Саламат ҳаял ҳәм бала айлығы"н жылына еки мәрте шөлкемлестириў;
балалар ҳәм жас өспиримлерди, әсиресе, жас өспирим қызларды профилактикалық тексериўлер менен қамтып алыў;
наўқас ҳаяллар ҳәм майып балаларды тереңлестирилген медициналық тексериўден өткериўди тәмийинлеў ҳәм олардың саламатлығын беккемлеў илажларын көриў.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 06.10.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».









