Өзбекстанда жумыс бериўшилер коммерциялық электрон хызметлерден «ЕНСТ” системасы арқалы пайдаланыў имканиятына ийе болды

    5 желтоқсан 2025 138

    Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 03.12.2025-жылдағы 763-санлы қарары менен "Бирден-бир миллий мийнет системасы" уйымлараралық программалық-аппарат комплекси арқалы жумыс бериўшилерге коммерциялық электрон хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

    Регламентке бола, талапкерлер "Бирден-бир миллий мийнет системасы" арқалы көрсетилетуғын коммерциялық электрон хызметлерден ықтыярлы түрде пайдаланыўы мүмкин.

    Онда жумыс бериўшилердиң мийнет жумысы ҳаққындағы мағлыўматларды БМШда бийпул еркин қәлиплестириў ҳуқықы шекленбейди.

    БМШ дирекциясы (ўәкилликли уйым) тәрепинен арза бериўшилерге төмендеги коммерциялық электрон хызметлер көрсетиледи:

    хызметкерлер менен мийнет шәртнамаларын дүзиў, тоқтатыў, оларға киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы мағлыўматларды БМШға киргизиў;

    мийнет дәптершесиндеги алдынғы жумыс орынлары ҳаққындағы жазыўларды БМШға киргизиў арқалы хызметкерлердиң электрон мийнет дәптершесин қәлиплестириў;

    БМШТда шөлкемниң структурасын қәлиплестириў.

    Электрон коммерциялық хызметлерден пайдаланыў ушын арза бериўши белгиленген тәртипте Бирден-бир порталға дизимнен өтеди ҳәм сораўнама толтырады.

    Ўәкилликли уйым арзаны 3 жумыс күни даўамында көрип шығады, мийнет ҳаққындағы мағлыўматлар БМШда электрон түрде қәлиплестириледи, QR-кодлы мағлыўматнама рәсмийлестириледи.

    Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 04.12.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates