Киргизилген қосымша ҳәм өзгерислерге бола, исбилерменлик субъекти болған физикалық шахстың жумысын тоқтатыў исбилерменниң өз қарары ямаса суд ямаса дизимнен өткериўши уйымның қарары менен әмелге асырылатуғыны белгиленди.
Салық жеңилликлеринен пайдаланылғаннан кейин физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы ҳәм социаллық салық бойынша есапланған салық суммасының азайыўына алып келетуғын анықластырылған салық есабатлары олардың тийкарлылығы салық уйымлары тәрепинен үйренип шығылғанынан кейин қабыл етиледи.
2025-жыл 1-январьдан 2028-жыл 1-январьға шекемги дәўирде тигиў-трикотаж, аяқ кийим ҳәм былғары-галантерея санааты бағдарларында өндирислик жумысты әмелге асырып атырған исбилерменлик субъектлери пайда салығын 2 процентлик ставкада ҳәм социаллық салықты 1 процентлик ставкада төлейди.
2030-жыл 1-январьға шекем ипотеканы қайта қаржыландырыўшы шөлкемлер ҳәм олардың жанында шөлкемлестирилген арнаўлы ўәкилликли шөлкемлер тәрепинен шығарылған облигациялар бойынша юридикалық тәреплердиң - Өзбекстан Республикасы резидентлери ҳәм норезидентлериниң дәраматлары пайда салығынан азат етиледи.
Креатив парк резидентлери 2025-жыл 1-майдан 2031-жыл 1-январьға шекемги дәўирде:
хызметкерлердиң мийнетке ҳақы төлеў түриндеги дәраматлары бойынша физикалық шахслардың дәрамат салығын ҳәм социаллық салықты белгиленген салық ставкаларына салыстырғанда 50 процентке азайтылған салық ставкалары бойынша төлейди;
товарларды (хызметлерди) реализациялаўдан алынған дәрамат муғдарына қарамастан айланыстан алынатуғын салықты төлеўшилер болып табылады.