Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң мәлим етиўинше, Мийнет кодексиниң 401 ҳәм 402-статьяларына муўапық, бундай ҳуқық 12 жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баласы ямаса 16 жасқа толмаған майыплығы болған баласы болған ата-ананың бирине (ямаса ата-ананың орнын басыўшы шахсқа) бериледи.
Қандай дем алыслар бериледи?
Ҳәр жылы 4 календарь күннен кем болмаған ҳақы төленетуғын қосымша дем алыс.
Ата-аналардан бириниң қәлеўи бойынша 14 календарь күнине шекемги мийнет ҳақысы сақланбайтуғын жыллық дем алыс бериледи.
Әҳмийетли шәртлер:
Қосымша дем алысларды жыллық мийнет дем алысына қосып бериў ямаса жумыс бериўши менен келисилген ҳалда бөлек-бөлек ямаса толық пайдаланыў мүмкин.
Олардан тек тийисли жумыс жылы даўамында пайдаланыў мүмкин. Пайдаланылмаған күнлер келеси жумыс жылына көширилмейди.
Қосымша ҳақы төленетуғын дем алысты пуллы компенсация менен алмастырыў мүмкин емес.