"Республикамыз аймақлары, тараў ҳәм тармақларында санлы технологияларды енгизиўди және де жеделлестириў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-286-санлы, 16.09.2025-ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2026-жыл 1-майдан баслап мәмлекетлик хызмет көрсетиўде - майыплықты белгилеў - пуқаралардың медициналық мәкемелерге жеңиллетилген дәрежедеги емлениўи ушын жолламаны қәлиплестириў ҳәм электрон гезекке қойыў композит тәризде әмелге асырылады.
2026-жылдың ақырына шекем медициналық тексериўден өткериў процесинде шыпакердиң сөзин автоматластырылған түрде протоколластырыўшы "даўыс жәрдемшиси" ҳәм санлы технологиялар тийкарында "санлы шыпакер ассистенти" бағдарламасы иске қосылады.
2025-жыл 1-ноябрьден баслап мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери ушын Бирден-бир портал арқалы айлық ижара төлеминиң бир бөлегин қайтарыў бойынша мүрәжат жоллаў имканияты жаратылады.
2026-жыл 1-январьдан баслап орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлеринде билимлендириў процеси менен байланыслы мәмлекетлик хызметлер Бирден-бир портал арқалы көрсетиледи.
2025-жыл 1-ноябрьден баслап транспорт қуралына газ баллоны орнатыў бойынша мағлыўматларды электрон түрде жүргизиў арқалы транспорт қуралының дизимнен өткериў гүўалығын қайта рәсмийлестириў тәртиби бийкар етиледи.