Тутыныўшылар - физикалық ҳәм юридикалық тәреплер қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў хызметлери ушын төлемлерди онлайн төлем системалары арқалы әмелге асырыўы мүмкин болады.

Онлайн төлем төмендеги абзаллықларға ийе:

төлемди қәлеген ўақытта ҳәм қәлеген орында әмелге асырыў имканияты;

ўақытты үнемлеў - банкке барыў ҳәм гезекте турыў зәрүрлиги болмайды;

- есап бети жағдайын аңсат тексериў ҳәм қадағалаў имканияты;

төлем квитанциясын онлайн жүклеп алыў имканияты;

тараўда жасырын экономика ҳәм коррупцияға қарсы гүресиўге хызмет көрсетиў процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, төлемлерди нызамсыз өндириў ҳәм жыйналған қаржыларды өзлестириўдиң алдын алыў.

Сондай-ақ, қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў хызметлери ушын келип түскен төлемлер Тиккелей Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлигиниң арнаўлы есап бетине жибериледи.

Топланған қаржылардан белгиленген субъектлер - санитариялық-тазалаў кәрханалары, полигонлар, шығындыны жағыў заводлары, экосанаат зоналары ҳәм басқалар пайдасына белгиленген тәртипте Есапқа алыўдың бирден-бир системасы арқалы төлемлер әмелге асырылады, яғный:

қатты турмыслық шығындыларды полигонларға ямаса қайта жүклеў пунктлерине жеткерип бергени ушын - санитариялық-тазалаў кәрханаларына (тонна/километр есабынан келип шығып, айрықша тәртипте);

шығындыларды қабыллаў ҳәм утилизациялаў ушын - полигонларға, қайта жүклеў пунктлерине ҳәм шығындыларды жағыў заводларына (тоннаға есаплағанда);

экосанаат зоналарында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлерине - белгиленген тәртипте ҳәр бир тонна шығынды ушын.

Нәтийжеде қаржылардан мақсетли пайдаланыў тәмийинленеди, системада финанслық тәртип ҳәм қадағалаў күшейтиледи. Сондай-ақ, ҳәр ай жуўмағы бойынша санитариялық-тазалаў кәрханаларының жумысы тийкарғы нәтийжелилик көрсеткишлери (KPI) бойынша баҳаланады.

Баҳалаў нәтийжелерине бола санитариялық-тазалаў кәрханалары "қызыл", "сары" ҳәм "жасыл" категорияларға ажыратылады.

Бул категориялар төлемди есаплаўда есапқа алынады: "жасыл" категорияға киргизилген кәрханалар (жоқары нәтийжелилик көрсеткишлерине ийе) "сары" ҳәм "қызыл" категорияға киргизилген кәрханаларға салыстырғанда жоқары төлем алады. Есап-санақ KPI тийкарында әмелге асырылады.

Бул тәртип санитариялық тазалаў тараўындағы хызметлерге ҳақы төлеўди әмелде көрсетилген хызметлердиң көлемине сәйкес тәризде тәмийинлеў, сондай-ақ, хызмет көрсетиўдиң сапасын, халықтың разылығын арттырыў ҳәм айланба экономиканы раўажландырыўға қаратылғанын атап өтиў керек.