Ҳүжжет пенен бул тараўдағы тийкарғы бағдарлар белгиленди:

орта ҳәм төмен орбиталы жолдас байланыс системаларын енгизиў ҳәм олардан пайдаланыўдың нормативлик-ҳуқықый базасын жаратыў;

алыс аймақларда ҳәм жер үсти тармақлары менен қамтып алынбаған аймақларда телекоммуникация хызметлерин көрсетиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў;

жасалма жолдас байланыс арқалы айрықша жағдайларда тармақлардың ҳәм резерв байланыстың исенимлилигин тәмийинлеў;

жасалма жолдас арқалы байланыс системаларынан пайдаланыўда мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң шөлкемлестириўшилик-техникалық тийкарларын белгилеў.

жасалма жолдас арқалы байланыс системаларын енгизиў ҳәм жасалма интернет хызметлерин көрсетиў Өзбекстан аймағында телекоммуникациялар тараўындағы лицензияланатуғын жумыс түрлери есапланады.

жасалма жолдас арқалы байланыс системасын енгизиў жумысына қойылатуғын тийкарғы талаплар:

радиочастоталарды ажыратыў ҳәм радиоэлектрон қураллардан пайдаланыў ушын рухсатнамаларды рәсмийлестириў;

Өзбекстан аймағында юридикалық шахсты шөлкемлестириў яки жергиликли телекоммуникация оператори менен бирге ислесиў;

мәмлекет аймағында орайлық жер станциясын (Gateway) қурыў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлиги талапларына әмел етиў;

республика аймағында пайдаланыўшы мағлыўматларды сақлаў.

Жасалма жолдас арқалыбайланыс инфраструктурасын (орайлық жер станциялары, терминаллар ҳәм басқа да актив инфраструктура қурылмаларын) жайластырыўда телекоммуникация қуралларын жайластырыў ушын ижара шәртнамалары рәсмийлестириледи.

Жеңилликлер ҳәм преференциялар

2026-жыл 1-январьдан баслап 5 жыл мүддетке Өзбекстан аймағында орайлық жер станциясы арқалы орта ҳәм төмен орбиталы жасалма спутник арқалы байланыс тармақларын шөлкемлестириўге байланыслы жойбарлар шеңберинде:

үскенелер, программалық өнимлер, аўысық бөлеклер ҳәм комплектлеўши бөлеклерди сатып алыў ҳәм оларға хызмет көрсетиў жер жолдасы байланысы үскенелерин ислеп шығарыўшылар ҳәм (ямаса) жеткерип бериўшилер менен тендер (таңлаў) саўдаларын өткерместен сөйлесиўлер тийкарында тиккелей шәртнамалар дүзиў жолы менен әмелге асырылады;

импорт етилетуғын үскенелер, программалық өнимлер, аўысық бөлеклер ҳәм комплектлеўши бөлеклер бажыхана төлемлеринен азат етиледи (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлар буған кирмейди);

телекоммуникация операторлары орта ҳәм төмен орбиталы жасалма жолдас байланыс тармақлары тәрепинен радиочастота спектринен пайдаланғаны ушын төлемлерден азат етиледи (жасалма жолдас байланыс тармағындағы мобил байланыс терминалына ҳәм соңғы пайдаланыўшының қурылмасына, сондай-ақ, автомобиллер ҳәм поездлардағы көшпели жер станциясы системаларына жасалма жолдас жалғаныўы менен байланыслы төлемлер буған кирмейди);

жолдас байланыс тармақлары операторлары тәрепинен жолдас байланыс системасы арқалы көрсетилген хызметлер қосымша қун салығынан азат етиледи;

орайлық жер станциялары, терминаллар ҳәм жолдас байланыс инфраструктурасының басқа да актив қурылмалары жайластырылған телекоммуникация имаратлары ҳәм олардың жер участкалары мүлк салығы ҳәм жер салығынан азат етиледи;

жолдас байланыс тармақларының операторлары жаратылған жолдас байланыс системасы арқалы көрсетилген хызметлер ушын пайда салығынан азат етиледи.

Сондай-ақ, 2030-жыл 31-декабрьге шекем жасалма жолдас байланыс тармақларына ийе болған телекоммуникация операторларына лицензия алған күннен баслап 6 ай мүддетте орайлық жер станциялары ҳәм терминал майданларында жойбарлаў ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларын «fast-track» усылында әмелге асырыўға рухсат берилди.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 23.10.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».