Өзбекстанда 2026-жыл март айынан баслап нотариуслар даў жәнжелсиз орынлаў жазыўларын әмелге асырыўы мүмкин болады

    11 қыркүйек 2025 1879

    "Нотариат институтын буннан былай да раўажландырыў ҳәм тараўға заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-280-санлы, 09.09.2025-ж.) қабыл етилди.

    Қарарға бола, 2026-жыл 1-марттан төмендеги даў-жәнжелсиз пуқаралық-ҳуқықый талаплар бойынша нотариуслар тәрепинен БЕМның 1000 есесине шекемги муғдарда орынлаў жазыўларын әмелге асырыў тәртиби енгизиледи:

    нотариал тастыйықланған питимлерге тийкарланған талап;

    жазба ҳәм нотариал тастыйықланған питим бар болған жағдайда қарыздар мәжбүриятларының орынланыўының тәмийнаты болған көшерли мүлкке өндириўди қаратыў ҳаққындағы талап;

    ижара төлемлери, мәжбүрий төлемлер ҳәм көп квартиралы турақ жайлардың мүлк ийелеринен коммуналлық хызметлер ҳәм байланыс хызметлери бойынша қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы талаплар.

    Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасында нотариус лаўазымында ислеўдиң шекленген жасы 65 жастан 70 жасқа шекем арттырылмақта.

    Онда, Әдиллик министрлиги жанындағы Жоқары маманлық комиссиясы тәрепинен өткерилетуғын сәўбетлесиў нәтийжелерине бола, нотариус өз қәлеўи бойынша мийнет жолын 70 жасқа шекем даўам еттириўи мүмкин.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates