Бириншиден, газ баллоны орнатылғаннан кейин транспорт қуралының дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықты қайта рәсмийлестириў зәрүрлиги бийкар етиледи. Енди барлық тийисли мағлыўматлар электрон түрде жүргизиледи, бул болса автомобиль ийелериниң ўақтын үнемлеў ҳәм бюрократиялық жүклемени азайтыў имканиятын береди.
Екиншиден, 1-ноябрьден баслап мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери тәрепинен my.gov.uz. бирден-бир порталы арқалы айлық ижара төлеминиң бир бөлегин қайтарыў бойынша арза бериў имканияты жаратылады. Бул жаңалық студентлерге қолайлылық жаратыў ҳәм мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиўди әпиўайыластырыўға қаратылған.
2026-жыл 1-январьдан баслап орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде билимлендириў процеси менен байланыслы барлық мәмлекетлик хызметлер Бирден-бир портал арқалы көрсетиледи. Хызмет көрсетиўдиң санлы түрине бундай өтиў пуқаралардың мүрәжатларын тәртипке салыў ҳәм жеделлестириў имканиятын береди.
2026-жыл 1-майдан баслап майыплықты белгилеў, медициналық мәкемелерге жеңиллетилген дәрежедеги емлениўге жибериў ҳәм электрон нәўбетке қойыў бойынша мәмлекетлик хызметлер санлы ҳәм дәстүрий хызмет көрсетиў усылларын өзинде жәмлеген композит түрде көрсетиледи.
Сондай-ақ, 2026-жылдың ақырына шекем жасалма интеллект технологияларына тийкарланған "Санлы шыпакер жәрдемшиси" бағдарламасын иске қосыў режелестирилген. Бул система медициналық тексериў ўақтында шыпакердиң сөзин автомат түрде оқып, наўқасларға диагноз қойыўда жәрдем береди, медициналық хызмет көрсетиўдиң анықлығы ҳәм тезлигин арттырады.
Бул илажлар мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўды әпиўайыластырыў, олардың ашық-айдынлығын ҳәм пуқаралар ушын қолайлылығын арттырыў, сондай-ақ, турмыстың барлық тараўларында санлы технологияларды жедел енгизиўге қаратылған.



