Өзбекстанда жер қатнасықларында коррупцияның алдын алыў механизмлери жетилистирилмекте

    22 қыркүйек 2025 422

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Жер қатнасықларында коррупция факторларын сапластырыў механизмлерин буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.

    Қарарға муўапық, Кадастр агентлигиниң «Е-YER NAZORAT» системасы мәмлекетлик жер қадағалаўын жүргизиўдиң бирден-бир электрон платформасы есапланады.

    2026-жыл 1-январьдан баслап арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың жер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етпеў жағдайларын ерте анықлаў ҳәм тийисли илажлар көриў бойынша ўазыйпа ҳәм функциялары тек ғана «Е-YER NAZORAT» системасы арқалы әмелге асырылады.

    Жер участкалары менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар дәрежесине қарап аймақлар төмендегилерге бөлинеди:

    • "қызыл" категориядағы аймақлар - жер участкаларынан нәтийжесиз пайдаланыў, жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеп алыў итималы жоқары болған аймақлар;
    • "сары" категориядағы аймақлар - жер участкаларынан нәтийжесиз пайдаланыў, жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеп алыўдың орташа итималлығы болған аймақлар;
    • "жасыл" категориядағы аймақлар - жер участкаларынан нәтийжесиз пайдаланыў, жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеў итималлығы төмен болған аймақлар.

    Онда, "қызыл" категорияға киргизилген аймақларда ҳәр шеректе кеминде бир мәрте "сары" категорияға киргизилген арнаўлы дронлар жәрдеминде, ҳәр алты айда кеминде бир мәрте арнаўлы самолёт жәрдеминде мониторинг бақлаўлары өткериледи.



    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates