Өзбекстанда АҚШтың «Palo Alto Networks» компаниясы менен биргеликте киберқәўипсизлик тараўында инновациялық шешимлер енгизиледи

    6 қараша 2025 1014

    2025-жыл 5-ноябрь күни АҚШқа сапары шеңберинде инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов ҳәм санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов «Palo Alto Networks» компаниясының мәмлекетлик сиясат ҳәм ҳүкимет структуралары менен бирге ислесиў бойынша вице-президенти Дэниел Крузе менен ушырасыў өткерди.

    Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер киберқәўипсизлик тараўында алдынғы халықаралық тәжирийбе ҳәм әмелиятларды алмасыў, мағлыўматларды қәўипсиз сақлаў, киберқәўиплерди анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша мәсләҳәтлесиў ҳәм тренинглер шөлкемлестириў мәселелерин додалады.

    Стартап жойбарларды баҳалаў ҳәм тексериў, олардың қәўипсизлик талаплары ҳәм технологиялық стандартларға муўапықлығын тексериў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Ушырасыў даўамында Өзбекстанда жасалма интеллект, автоматластырылған мониторинг системалары, қәўиплерди анықлаў алгоритмлери ҳәм заманагөй шифрлаў технологияларына тийкарланған шешимлерди енгизиў перспективалары да көрип шығылды.

    Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер Өзбекстан ҳәм «Palo Alto Networks» компаниясы арасында узақ мүддетли стратегиялық шерикликти жолға қойыў, киберқәўипсизликти беккемлеў бойынша жаңа бағдарламаларды әмелге асырыў, сондай-ақ, мәмлекетте инновациялық шешимлерди раўажландырыў ҳәм тараўда маман кадрларды таярлаўға келисип алды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates