Санитариялық тазалаў жумысларын шөлкемлестириў республикалық орайы негизинде Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилди (ПҚ-149-санлы, 26.09.2024-жыл). Агентлик әмелдеги штат бирликлери сақлап қалынған ҳалда мәмлекетлик мәкеме түринде шөлкемлестирилди.
Ҳүжжет пенен тастыйықланған агентлик ҳаққындағы реже төмендегилерди белгилейди:
Агентликтиң статусы, тийкарғы ўазыйпалары ҳәм функциялары;
Агентликтиң ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери;
басшылардың тийкарғы функционал ўазыйпалары ҳәм миннетлемелери;
Агентлик жумысын шөлкемлестириў, оның республикалық ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары менен өз-ара бирге ислесиў тәртиби;
Агентлик ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң жумысын қаржыландырыў, хызметкерлерди материаллық хошаметлеў тәртиби;
Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары:
шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў тараўындағы бирден-бир нормалар, қағыйдалар ҳәм стандартларды ислеп шығыў, сынақтан өткериў ҳәм енгизиў;
шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў саласындағы жумысты муўапықластырыў;
өз тараўындағы нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў, республикалық ҳәм аймақлық бағдарламалар бойынша усыныслар ислеп шығыў;
шығындылардың пайда болыў нормативлерин белгилеўде ҳәм оларды жайластырыў объектлерин шөлкемлестириўде қатнасыў;
физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен қатты турмыслық шығындыларды алып шыққаны ушын мәжбүрий төлемлерди төлеў ҳәм есапқа алыўдың бирден-бир электрон системасының үзликсиз ислеўин тәмийинлеў;
тараўға жеке меншик секторды кеңнен тартыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик келисимлерин әмелге асырыўда қатнасыў;
тараўды санластырыў, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў.
Сондай-ақ, Агентлик республикада турмыслық, қурылыс, суйық, токсикологиялық-химиялық, медициналық ҳәм электрон шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын жетилистириў, оларды қайта ислеў ҳәм утилизациялаўдың заманагөй усылларын енгизиў, "шығындыларсыз" принципин енгизиўге қаратылған илажларды әмелге асырыў менен шуғылланады.
Шығындыларды сортлаў ҳәм қайта ислеў нәтийжесинде энергия ресурслары, шийки зат ҳәм материаллар ислеп шығарыўды шөлкемлестириў арқалы республикада айланбалы экономиканы раўажландырыў илажларын әмелге асырыў режелестирилмекте.
Шығынды полигонлары аймағында шығындыларды жыйнаў, сайлап алыў, зыянсызландырыў, қайта ислеў, өртеў, утилизациялаў ҳәм көмиў бойынша экоиндустриал зоналар шөлкемлестириледи.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 17.10.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».









