Қарарға муўапық, Социаллық қорғаў миллий агентлиги системасында Ташкент қаласында Көп функциялы инклюзив-ресурс орайы (Инклюзив орай), айрықша билимлендириўге мүтәжлиги болған балалар ушын қәнигелестирилген мектеплер ямаса мектеп-интернатлар негизинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда биреўден Көп функциялы инклюзив-ресурс мектеби шөлкемлестириледи.
2026/2027-оқыў жылынан баслап тәжирийбе тәризинде инклюзив орай қурамында инклюзив коррекция мектеби жумысы жолға қойылады.
Мектепте баслаўыш класслар ушын инклюзив класслардың жумысы шөлкемлестириледи, олар оқыўшылардың бейимлесиўи, билим алыў ҳәм сөйлесиў көнликпелерин қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў, индивидуал оқытыў режеси тийкарында коррекциялық ҳәм қосымша шынығыўларды өз ишине алады.
Улыўма билим бериў мектеплериниң инклюзив классларында оқып атырған майыплығы болған оқыўшылар ушын инклюзив орайда тийкарғы мектептеги сабақларға қосымша түрде пәнлер, кәсип-өнерлер ҳәм коррекция сабақлары жолға қойылады.
2027-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик билимлендириў шөлкемлери арнаўлы педагогларының билим ҳәм көнликпелерин баҳалаў мақсетинде Инклюзив орайда арнаўлы педагогларды кәсиплик сертификатлаў системасы енгизиледи.
2027-2028-оқыў жылынан баслап аймақларда басқышпа-басқыш "Инклюзив мектеплер" жумысы жолға қойылады.