Атап өтилгениндей, бүгинги күнде Өзбекстанда жумыс алып барып атырған фрилансер программистлер өзлери жаратқан программалық өнимлер ҳәм санлы контентти сырт елли қарыйдарларға сатыўда халықаралық электрон платформалардан кеңнен пайдаланбақта. Айырым тийкарғы платформаларда төлемлер банк карталары ямаса банк өткермелери арқалы әмелге асырылса, Upwork, Fiverr, Envato, Storyblocks сыяқлы платформаларда төлемлер тек PayPal арқалы әмелге асырылыўы мүмкин.

Бирақ ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда шығарылған банк карталары толық форматта PayPal системасында ислемей атыр. Бул шеклеў мәмлекетимиз нызамшылығы, атап айтқанда, "Шахсқа тийисли мағлыўматлар ҳаққында"ғы нызамда белгиленген мәлимлемени тек ғана Өзбекстан аймағында сақлаў талабы менен байланыслы. Нәтийжеде халықаралық төлем системаларының Өзбекстан базарына кириўи белгили дәрежеде шекленген.

Нызамға киргизилип атырған өзгерислер бундай машқалаларды сапластырады. Елимизде халықаралық онлайн төлем системаларының жумысын қоллап-қуўатлаў, финтеч, электрон коммерция ҳәм санлы экономиканы жедел раўажландырыў, фрилансерлер ушын нызамлы ҳәм ашық-айдын төлем механизмлерин жаратыў, сырт елли туристлер ушын контактсыз төлеў имканиятларын кеңейтиў нәзерде тутылмақта.

Нызамда Өзбекстан аймағында тек ғана анық категориядағы мағлыўматлар (биометрикалық, генетикалық ҳәм телекоммуникация хызметлерине тийисли мағлыўматлар) сақланыўы белгиленбекте.

Басқа да мағлыўматларды сырт елге узатыў ҳәм сақлаў ушын анық қәўипсизлик талаплары енгизилмекте. Министрлер Кабинетине шахсқа байланыслы мағлыўматларды қорғаў тәмийинленетуғын мәмлекетлердиң дизимин тастыйықлаў ўәкиллиги бериледи.

Сенаторлардың пикиринше, нызам электрон коммерцияны раўажландырыў тараўындағы ҳуқықый-нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириўге, халықаралық Интернет-платформаларынан пайдаланыўда халық ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын және де қолайлы шараятлар жаратыўға хызмет етеди.

Додалаў жуўмақлары бойынша сенаторлар нызамды мақуллады.