Бул баслама шеңберинде быйылғы жылы БМШ "Ҳаял-қызларға қарсы санлы зорлықты биргеликте сапластырамыз" сүрени астындағы компанияны шөлкемлестириўге қарар етти.
Бул глобал баслама Өзбекстанда дәстүрий түрде қоллап-қуўатланып, мәмлекетимиз бойлап түрли илажлар ҳәм сөйлесиўлер арқалы кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында өткерилмекте.
2025-жыл 24-ноябрьде Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссия басшылығында БМШ структуралары менен биргеликте "Ҳаял-қызларға қарсы санлы зорлықты биргеликте сапластырамыз" кампаниясы басланды.
Илажды Сенат Баслығы Танзила Нарбаева ашып берип, ҳаял-қызларды зорлықтың барлық түрлеринен, әсиресе, санлы мәкандағы қәўип-қәтерлерден қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти ҳәм зорлыққа қарсы гүресиў үзликсиз процесс екенин атап өтти. Оның пикиринше, айырым зыянлы стереотиплер жәмийетте үрп-әдет сыпатында қабыл етилиўи мүмкин, бирақ инсан ҳуқықларын бузатуғын бундай көзқарасларды сапластырыў әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.
"Ҳеш қандай стереотип зорлықты ақлай алмайды", деп атап өтти ол.
Илажда министрликлер ҳәм уйымлар, ҳуқық қорғаў уйымлары, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери, халықаралық экспертлер ҳәм БМШтың Өзбекстандағы агентликлериниң хызметкерлери қатнасты.
Сондай-ақ, БМШтың Өзбекстандағы турақлы муўапықластырыўшысы Сабина Махл мәмлекетте шаңарақлық зорлықты жынайый жағдайға айландырыў ҳәм қорғаў хызметлерин күшейтиў сыяқлы реформалар санлы зорлыққа қарсы гүресиў ушын әҳмийетли тийкар жаратып атырғанын, санластырыў өсип атырған сайын нызамлар ҳәм хызметлерди жетилистириў зәрүр екенлигин атап өтти.
"Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Ҳаял-қызлар" структурасының Орайлық Азиядағы муўапықластырыўшы офисиниң басшысы Герен Гювен Гуреш глобал санластырыў жедел пәтлер менен өсип атырғанына қарамастан, пүткил дүньяда онлайн ҳәм технологиялық зорлықтың салмақлы үлеси жасырын болып қалып атырғанын атап өтти. Оның атап өтиўинше, 2025-жылға шекем 117 мәмлекет санлы зорлыққа қарсы гүресиў илажларын көрсе де, бул трансмиллий қәўипке қарсы гүресиў илажлары тарқалған ҳәм муўапықластырылмаған ҳалда қалмақта.
Илаж қатнасыўшылары санлы мәканды барлық ҳаял-қызлар ушын қәўипсиз, саламат ҳәм қолайлы орталыққа айландырыў бойынша өз-ара муўапықласқан ҳәрекетлерди күшейтиў зәрүрлигин атап өтти.
Сондай-ақ, санлы зорлыққа қарсы гүресиў бойынша усыныс ҳәм басламалар билдирилди.
Акция шеңберинде 25-ноябрьден 10-декабрьге шекем мәмлекетимиздиң барлық аймақларында "Ҳаял-қызларға қарсы санлы зорлықты биргеликте сапластырамыз" темасында ҳәр қыйлы илажлар, сөйлесиў майданлары, оқыў семинарлары ҳәм мәлимлеме кампаниялары өткериледи.











