"Таза ҳаўа" улыўма миллий жойбарының тийкарғы мақсетлери
Пәрманға муўапық, 2026-2030-жылларда атмосфера ҳаўасының сапасын жақсылаўға қаратылған "Таза ҳаўа" улыўма миллий жойбарының төмендеги тийкарғы мақсетлери белгиленген:
атмосфераға патасландырыўшы затларды шығарыў көлемин 10,5 процентке қысқартыў;
қоршаған орталыққа тәсир дәрежеси бойынша I ҳәм II категориядағы кәрханаларда мониторинг етиўдиң автомат станцияларын ҳәм шаң-газ тазалаў үскенелерин орнатыўды тәмийинлеў;
санаат объектлеринен шығындыларды услап қалыў үлесин 32 процентке жеткериў;
- ПМ2.5 көрсеткиши бойынша миллий нормадан жоқары болған күнлер санының қысқарыўы;
транспорт қуралларынан атмосфераға патасландырыўшы элементлерди шығарыў көлемин 10 процентке азайтыў.
Сондай-ақ, Ташкент қаласында экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажларды әмелге асырыў бойынша арнаўлы комиссияның жумысы 2027-жыл 1-мартқа шекем создырылады ҳәм оның атамасы "Экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажларды әмелге асырыў бойынша республикалық арнаўлы комиссия" етип өзгертиледи.
Сондай-ақ, 2026-жыл 1-июльге шекем Ферғана, Әндижан ҳәм Наманган ўәлаятларында, 2026-жыл 1-августқа шекем Ташкент, Сырдәрья, Жиззақ ҳәм Самарқанд ўәлаятларында, 2026-жыл 1-октябрьге шекем Қашқадәрья, Сурхандәрья, Наўайы ҳәм Бухара ўәлаятларында, 2026-жыл 1-декабрьге шекем Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында "Таза ҳаўа" улыўма миллий жойбары әмелге асырылады.
Энергетика, санаат ҳәм аўыл хожалығындағы экологиялық реформалар.
2026-жыл 1-апрельден баслап Ташкент қаласында жаңа санаат зоналарын шөлкемлестириўге мүддетсиз мораторий енгизиледи (хызметлер ямаса финанслық хызметлер тараўына тийкарланған зоналар буннан тысқары).
Сондай-ақ, ыссылық ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыў кәрханалары және санаат кәрханаларында шаң-газ ҳәм энергия үнемлейтуғын үскенелерди орнатыўға айрықша итибар қаратылады.
Атап айтқанда:
экологиялық менеджмент, парник газлерин басқарыў, экологиялық қәўипсизлик ҳәм жасыл энергетика тараўында халықаралық сертификат алған ҳәм өнимниң кеминде 30 процентин альтернатив энергия есабынан ислеп шығаратуғын кәрханаларға сертификатлаў қәрежетлериниң 50 процентине шекемги бөлеги қаплап бериледи;
2026-жыл 1-майға шекем Ташкент қаласы ҳәм оған тутас аймақларда жайласқан ыссылық ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыў кәрханаларында тийкарғы (статционар) дәреклер бойынша автоматикалық мониторинг станциялары ҳәм автоматикалық бақлаў постлары мәжбүрий түрде орнатылады және олардан алынатуғын мағлыўматлар Экология комитетиниң бирден-бир геомәлимлеме мағлыўматлар базасына интеграцияланады;
I ҳәм II категориялы кәрханалар тәрепинен орнатылған автоматластырылған мониторинг станциялары Экология комитетиниң қоршаған орталықты мониторинг етиў мәмлекетлик системасының бирден-бир геомәлимлеме мағлыўматлар базасына интеграцияланбаған жағдайда оларға қоршаған орталықты патасландырғаны ҳәм шығындыларды жайластырғаны ушын он есе муғдарда компенсация төлемлери қолланылады;
2026-жыл 1-июльден баслап ыссыханаларды ыссылық пенен тәмийинлеўде муўапықлық сертификатына ийе болмаған ҳәм жаныў процесин қадағалаўды тәмийинлемейтуғын қазанлардан пайдаланыў әмелияты бийкар етиледи.
"Жасыл" технологиялар, шаң-газ тазалаў үскенелери, автоматикалық мониторинг станциялары, энергия үнемлеўши үскенелер ҳәм локал тазалаў қурылмаларын сатып алыў ушын коммерциялық банклер арқалы жеңиллетилген кредитлер бериледи.
2026-жыл 1-майдан 1-декабрьге шекем I ҳәм II категориялы кәрханаларда жасыл технологиялар, шаң-газ тазалаў үскенелери, автоматикалық мониторинг станциялары, энергия үнемлеўши үскенелер ҳәм локал тазалаў қурылмалары орнатылады. Онда, Экология комитети арнаўлы лаборатория сынақлары тийкарында шаң-газ тазалаў үскенелериниң нәтийжелилигин турақлы түрде мониторинг етип барады. Мониторинг нәтийжелери бойынша унамлы шешим алған үскенелердиң реестри қәлиплестириледи ҳәм Комитеттиң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.
Қурылыс тараўында экологиялық талапларды күшейтиў;
Пәрманға бола, 2026-жыл 1-июньнен баслап қурылыс объектлеринде (жеке тәртиптеги турақ жай қурылысынан тысқары) төмендеги мәжбүрий экологиялық талаплар енгизиледи:
қурылыс объектлерин фонлық мониторинг станциялары менен үскенелеў ҳәм оларды Экология комитетиниң бирден-бир геомәлимлеме мағлыўматлар базасына интеграциялаў;
онлайн қадағалаўды әмелге асырыў ушын қурылыс майданының периметри ҳәм шығыў ноқатларында онлайн камералар орнатыў, кейин ала Комитеттиң бирден-бир геомәлимлеме мағлыўматлар базасына интеграциялаў;
ҳуқықбузарлықларға жол қойған қурылыс шөлкемлериниң "Ашық-айдын қурылыс" платформасындағы рейтинг балларын төменлетиў;
жойбарлаў-смета ҳәм қала қурылысы ҳүжжетлерин экспертизадан өткериўде экологиялық экспертиза жуўмағын мәжбүрий тәризде усыныў.
Сондай-ақ, жаңадан қурылып атырған, бийиклиги 12 метрден ҳәм (ямаса) улыўма майданы 500 квадрат метрден жоқары болған имарат ҳәм объектлерди (жеке тәртиптеги турақ жайлар буннан тысқары) жойбарластырыўда оған тутас аймақты көклемзарластырыў (терек, пута ҳәм басқа да өсимликлер егиў) майданы ажыратылған жер участкасы улыўма майданының кеминде 30 процентин қураўы керек (ескирген объектлерди реновациялаў буған кирмейди).
Сондай-ақ, 2026-жыл 1-декабрьге шекем бир аймақта кеминде 1 гектар майданға түскен жапырақларды жыйнап алыў, кейин ала оларды биологиялық тарқатыў (компостлаў) ҳәм алынған органикалық элементлерден компост және мулча түринде пайдаланыў системасы енгизиледи.
2027-жыл 1-майға шекем сырт ел компаниялары ҳәм илимий-изертлеў институтларын тартқан ҳалда Ташкент қаласы экология ҳәм суў басқармасының 2035-жылға шекемги бас режеси ислеп шығылады.
Сондай-ақ, Пәрман менен экологиялық ҳәм қурылыс экспертизасының жуўмақларын алыўда "самал гүли" ҳәрекетиниң есапқа алыныўы мәжбүрий етип белгиленди. Аймақлардың бас режелеринде "самал жоллары" тастыйықланады. Сондай-ақ, дәрья ҳәм каналлардың аңғарларын тазалаў ямаса қум-шағыл тас материалларын нызамсыз қазып алыў нәтийжесинде бузылған суў қоры жерлерин тиклеў (реабилитациялаў, рекультивациялаў ҳәм көклемзарластырыў) ҳуқықбузарлыққа жол қойған шахслардың қаржылары есабынан әмелге асырылады.
Транспорт системасын экологиялық модернизациялаў.
Пәрман менен транспорт системасын экологиялық жақтан жетилистириў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди:
2026-жыл 1-майдан баслап ҳәр айда еки мәрте (10 ҳәм 25-күни) "Автомобилсиз күн, ҳәпте" акциялары өткериледи ҳәм оның шеңберинде мәмлекетлик хызметкерлерге хызмет автотранспортынан пайдаланыў қадаған етиледи;
2026-жыл 1-августтан баслап «trade-in» бағдарламасы шеңберинде ески автомобиллерди сатып алған физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жаңа транспорт қуралын сатып алыўда автокредит процент ставкасының бир бөлеги қаплап бериледи;
2026-жыл 1-ноябрьге шекем республикадағы барлық нефтти қайта ислеў заводлары 2028-жыл 1-ноябрьге шекем "Евро-4", 2030-жыл 1-марттан "Евро-5" экологиялық стандартларына сәйкес келетуғын мотор жанылғысын ислеп шығарыў ушын модернизацияланады;
2026-жылдың ақырына шекем Ташкент қаласының аймағы "экологиялық транспорт" системасы шеңберинде "қызыл", "сары" ҳәм "жасыл" аймақларға ажыратылады;
2026-жылдың ақырына шекем Ташкент қаласындағы барлық автотранспорт қуралларына олардың экологиялық категориясын тастыйықлайтуғын экологиялық стикерлер бериледи.
Тәбийий шаңның алдын алыў
Пәрманға бола, 2026-жыл 1-апрельден баслап Сурхандәрья ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында шаң-тозаңлардың алдын алыў мақсетинде кеминде 150 километр "жасыл дийўал"лар қурылады. Илимлер академиясының Ядро физикасы институты ҳәм оның әтирапындағы 250 гектар, Ташкент ҳәм Қибрай районларындағы Орайлық Азия қоршаған орталықты ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети жанындағы 83 гектар майданда дендрология бағлары шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, 2026-жылдың ақырына шекем Ташкент қаласында 4 жасалма көл ҳәм суў бассейнлери қурылады. 2026-жыл 1-апрельден баслап пайтахттағы жумыс алып барып атырған мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының аймағында кеминде биреўден (жәми 15 ке шекем), сондай-ақ, қаланың ҳәр бир районында қала қурылысы нормаларын есапқа алған ҳалда кеминде биреўден фонтан қурылады.
Буннан тысқары, унамлы сырт ел тәжирийбесин үйрениў тийкарында жаўын-шашын ҳәм жасалма самал жаратыў технологиялары белгиленген тәртипте басқышпа-басқыш енгизиледи. Онда, 2027-жыл 1-октябрьге шекем Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятының ығаллығы төмен аймақларында пайтахтымыздың атмосфера ҳаўасы сапасын жақсылаў мақсетинде зәрүр үскенелер орнатылады.
Усы Пәрман климат өзгериўиниң жеделлесиўи, урбанизация, санаат ҳәм транспорттың раўажланыўы шараятында қоршаған орталыққа түсетуғын антропоген жүкти азайтыў, атмосфера ҳаўасының патасланыўының алдын алыў, таза ҳәм ресурсты үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди хошаметлеўге қаратылған.