Қарарға муўапық, "Келешек мийрасы" халықаралық сыйлығы шөлкемлестириледи.
Халықаралық сыйлық ушын таңлаўлар 2025-жылдан баслап ҳәр жылы төмендеги бағдарлар бойынша өткериледи:
әдебият;
мәдений мийрас;
театр ҳәм кино;
музыка ҳәм аяқ ойын;
сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер;
мода ҳәм дизайн;
илим, билимлендириў ҳәм санлы технологиялар.
Халықаралық сыйлықтың ҳәр бир бағдары бойынша жеңимпазлар статуэтка, диплом ҳәм 10 мың АҚШ доллары муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.
Жеңимпазларға Халықаралық сыйлықты тапсырыў салтанатлы түрде өткериледи.









