Қарарға муўапық, жуўапкершилиги шекленген жәмийеттиң қатнасыўшылары қурамына киргизилгенлик ямаса қатнасыўшылар қурамынан шығарылғанлық фактиниң күшке кириўи механизми әпиўайыластырылады.
Төмендеги жағдайларда тийисли ҳәрекет әмелде жүз берген, сондай-ақ ўақыя жүз берген ўақыттан баслап жәмийеттиң қатнасыўшылары қурамына киргизиў ямаса оның қурамынан шығарыў жүз берген деп есапланады:
- қатнасыўшыларды мәжбүрий шығарыў ямаса қурамына киргизиў, соның ишинде, жәмийеттеги үлес қатнасыўшы ҳәм үшинши шахс арасындағы улыўма мүлк деп тән алынған ҳәм оның тийисли бөлегине ийелик етиў ҳуқықы белгиленген жағдайларда - суд қарары нызамлы күшке кирген күннен баслап;
- жәмийеттиң үлеси «E-auksion» электрон саўда платформасы арқалы ҳәм нызам ҳүжжетлерине муўапық меншиклестириўдиң басқа усыллары менен сатылғанда - саўда нәтийжелери рәсмийлестирилген ҳәм үлес баҳасы толық төленген күннен баслап;
- жәмийеттиң үлеси сатылғанда ҳәм жәмийеттиң үлеси нотариаль түрде үшинши шахсларға берилгенде - усы фактти тастыйықлаўшы ҳүжжетлер рәсмийлестирилген күннен баслап.
Жәмийет қатнасыўшылары қурамына киргизилген ямаса оның қурамынан шығарылған жағдайларда жәмийет бул ҳаққында басқа қатнасыўшыларды отыз күн ишинде хабардар етеди.