Қарарға муўапық, 2026-жылдан баслап мәмлекетлик медицина мәкемелериниң хызметкерлери ҳәр жылы Медицина хызметкерлери күни мүнәсибети менен ең кем мийнет ҳақы муғдарында хошаметленеди.

Медицина хызметкерлери күни мүнәсибети менен ҳәр жылы төмендеги номинациялар бойынша таңлаў өткериледи:

"Республика емлеўханасының ең жақсы басшысы", "Аймақлық денсаўлықты сақлаў уйымының ең жақсы басшысы";

ҳәр бир аймақта:

"Район (қала) денсаўлықты сақлаў уйымының ең жақсы басшысы", "Ең жақсы шаңарақлық поликлиника басшысы", "Район (қала) ның ең жақсы шыпакери" ҳәм "Район (қала) ның ең жақсы орта медицина хызметкери",

"Ең жақсы шаңарақлық поликлиника", "Ең жақсы районлық (қалалық) емлеўхана" ҳәм "Ең жақсы аймақлық емлеўхана".

Қарарда таңлаў жуўмақлары бойынша жеңимпазлар төмендеги муғдарларда бир мәртелик хошаметленетуғыны белгиленген:

медицина мәкемелери ушын - 500 млн сум;

медицина ҳәм басшы хызметкерлер ушын - 30 млн сум.