Қарар менен киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшаға бола, жоқары әскерий билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилери оқыўды тамамлағаннан соң 5 календарь жылы даўамында офицерлик лаўазымларында хызмет етпеген жағдайда, олардың оқыўы ушын жумсалған қаржылар өндирилетуғыны белгиленди.
Әмелдеги нызамшылыққа муўапық, пуқаралар жоқары әскерий билимлендириў мәкемесин тамамлағаннан соң 5 календарь жылы офицерлер қурамы лаўазымларында әскерий хызметти өтеўи, әскерий хызметти өтеўи мүмкин болмаған жағдайда оқыў ушын жумсалған қаржыларды Мәмлекетлик бюджетке қайтарыўы шәрт.
Соның менен бирге, бүгинги күнде жоқары әскерий билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилери тек ғана әскерий хызметкер емес, ал хызметкер сыпатында да хызметти өтеў ушын басқа министрликлер ҳәм уйымларға жиберилип атырғанлығы себепли бул питкериўшилердиң 5 календарь жылы хызметкер сыпатында хызметти өтеў миннетлемесин нызам дәрежесинде белгилеў зәрүрлиги пайда болды.









