Қарар менен Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдемди тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Балалар напақасы ямаса материаллық жәрдемди тайынлаў ушын арза бериўши мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса социаллық хызметкер арқалы мүрәжат етеди.
Сондай-ақ, "Социаллық қорғаўдың бирден-бир мәлимлеме системасы" АТ, БИМХП ямаса "Социаллық карта" мобил қосымшасы арқалы еркин түрде арза бериў имканияты да нәзерде тутылған.
Бунда балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем ушын арза бериў ҳәр бир шаңарақ тәрепинен айына 1 мәрте әмелге асырылады.
Айдың 16-сәнесине шекем берилген арзалар мүрәжат етилген айда, 16-сәнеде ҳәм оннан кейин берилген арзалар кейинги айда көрип шығылады.
Бас тартыў ушын тийкар болмаған жағдайда балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем арза көрип шығылған айдан кейинги айдан баслап "Бирден-бир реестр" АТда автоматикалық түрде тайынланады ҳәм төленеди.
Напақа ҳәм материаллық жәрдем төмендегилерге тайынланады:
"мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақ" ҳәм "кәмбағал шаңарақ" категориясындағы шаңарақларға - олар усы категориядан шыққанға шекем;
"кәмбағаллық шегиндеги шаңарақ" категориясындағы шаңарақларға - усы категорияға өткерилген (киргизилген) айдан кейинги 6 айға.
Балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдемниң муғдары нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди. Бунда:
Шаңарақты "мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақ" ямаса "кәмбағал шаңарақ" категориясынан "кәмбағаллық шегиндеги шаңарақ" категориясына өткериўде (қосымша арза талап етилместен), егер шаңарақтың ҳәр бир ағзасына орташа айлық дәрамат:
ең кем тутыныў қәрежетлериниң 1 есесинен 1,25 есесине шекем - балалар напақасы ямаса материаллық жәрдемниң белгиленген муғдарының 75 проценти муғдарында;
ең кем тутыныў қәрежетлериниң 1,25 есесинен 1,5 есесине шекем - балалар напақасы ямаса материаллық жәрдемниң белгиленген муғдарының 50 проценти муғдарында.