Бул Реже Миграция агентлиги тәрепинен сырт елли жумыс бериўшилер ҳәм рекрутинг шөлкемлеринен тартылған бос жумыс орынларын ашық таңлаў тийкарында жеке меншик бәнтлик агентликлери арасында бөлистириў тәртибин белгилейди.
Агентлик сырт елли жумыс бериўшилер ҳәм рекрутинг шөлкемлеринен тартылған бос жумыс орынлары ҳаққындағы мағлыўматларды электрон платформаға жайластырып барады.
Бул ҳаққында жеке меншик бәнтлик агентликлериниң электрон платформа арқалы жеке кабинетлерине автоматластырылған түрде хабарнама жибериледи.
Квоталарды жәриялаў мүддети кеминде 5 жумыс күнин қураўы керек.
Жеке меншик бәнтлик агентликлери квоталар ҳаққындағы хабарнама жайластырылған күннен баслап онда көрсетилген мүддет өткенге шекем усыныснама жибериўи мүмкин.
Квоталар арзалары мақулланған жеке меншик бәнтлик агентликлери арасында тең үлеслерде бөлистириледи.