Киргизилген қосымшаларға бола, темир жол транспортында ҳәм метрополитенде ҳәрекет ҳәм тасыўлар қәўипсизлиги талапларын бузғаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди.
Бул ҳуқықбузарлық лаўазымлы шахслар ҳәм хызметкерлерге БЕМның 10 есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болыўы белгиленген.
Сондай-ақ, темир жол транспорты ҳәм метрополитенде ҳәрекет ҳәм тасыўлар қәўипсизлигин бузыў менен байланыслы ўақыя, ол ҳаққындағы мағлыўматларды қастан жасырыў лаўазымлы шахсларға БЕМның 10 есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.
Буннан тысқары, өзинде тийисли гүўалық болмаған автомобиль транспортында жолаўшыларды тасыў, жол ҳақы тарифлерин арттырыў, турақлы жөнелис бойынша тастыйықланған ҳәрекетлениў кестесине әмел етпеў, тастыйықланған жөнелис схемасынан шетке шығыў - БЕМның 3 есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.
Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 3 ай өткеннен кейин күшке киреди.