Реже төмендеги тәртиплерди белгилейди:

наўқасларды медицина шөлкемлерине қабыл етиў;

наўқасларды медициналық шөлкемлерге жибериўде медициналық хызмет көрсетиўге жолламаны қәлиплестириў;

наўқасларды бир медицина шөлкеминен басқасына көшириў ҳәм оларға медициналық жәрдем көрсетиў.

Реже қыстаўлы ҳәм тез медициналық жәрдем көрсетиўди талап ететуғын жағдайларға енгизилмейди.

Социаллық жағдайы ямаса белгили бир кеселликлери болғанлығы себепли нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте анықланатуғын шахс жеңиллетилген категорияға киретуғын шахс деп тән алынады.

Жеңиллик берилетуғын наўқаслар медициналық шөлкемлерге электрон мәлимлеме системасында тастыйықланған жолламалар тийкарында жибериледи. Бунда:

наўқас жоллама тийкарында медициналық хызметлерден пайдаланыў ушын медициналық шөлкемди еркин таңлайды;

медицина шөлкеми ҳәм Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры арасында дүзилген шәртнамада медицина шөлкеми медициналық хызметлер көрсетиўи мүмкин болған дәреже (район (қала), ўәлаят, республика) анық көрсетиледи;

район (қала) дәрежесинде медициналық хызмет көрсетилип атырған наўқаслардың ўәлаятлық ҳәм республикалық дәрежедеги медициналық шөлкемлерде, аймақлық дәрежеде медициналық хызмет көрсетилип атырған наўқаслардың болса мәмлекет есабынан республикалық дәрежедеги медициналық шөлкемлерде медициналық жәрдем алыўына жол қойылмайды.

Наўқаслар медициналық жәрдем алыў ушын өзи бириктирилген басланғыш буўынға (уйымлық емлеў мәкемеси қурамындағы өзи бириктирилген мәкемеге) мүрәжат етеди ҳәм бириктирилген шаңарақлық шыпакер (терапевт) тәрепинен көриктен өткериледи және бир жумыс күни ишинде район (қала) дәрежесиндеги емлеў мәкемесиниң ямаса уйымлық емлеў мәкемесиниң қәниге шыпакерине жибериледи.

Жоллама - наўқастың өтиниши бойынша мәмлекетлик ямаса мәмлекетлик емес медицина шөлкемлеринде анық кеселлик бойынша режели стационар емлениў имканиятын беретуғын матрицалы штрих код (QR-CODE) қа ийе ҳүжжет болады.

Статционар медициналық жәрдем көрсетиўге көрсетпелер болған жағдайда район (қала) дәрежесиндеги емлеў мәкемесинде режели стационар медициналық жәрдем көрсетиўге жоллама Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң электрон мәлимлеме системасы арқалы тар тараў қәнигеси ямаса шаңарақлық шыпакер тәрепинен бериледи.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 01.01.2026-жылдан күшке киреди, деп жазады «Norma».