Регламент мәмлекетимиз экономикасы ушын системалы әҳмийетке ийе болған ири кәрханалар, сондай-ақ, оларға тийисли ҳәм өз-ара байланыслы кәрханалар тәрепинен банк кредитлери ҳәм сыртқы қарызлардың тартылыўын қадағалаў ҳәм мониторинг етиў тәртибин белгилейди.
Ири қарыз алыўшылардың финанслық жағдайы қәўиплилик дәрежеси бойынша "төмен қәўипли", "орташа қәўипли " ҳәм "жоқары қәўипли " деп классификацияланады.
"Төмен қәўипли " статуста жаңа финанслық кредитлер олардың муғдарынан ғәрезсиз тартылыўы мүмкин.
"Орташа қәўипли" қарыз алыўшылар ушын тартылатуғын жаңа кредит суммасы әмелдеги финанслық миннетлемелердиң 5% қалдығынан ямаса эквиваленти 20 млн АҚШ долларынан артпаўы керек.
"Жоқары қәўипли " қарыз алыўшылар ушын жаңа кредит суммасы бар миннетлемелер қалдығының 1 проценти ямаса эквиваленти 5 млн АҚШ долларынан артпаўы керек ҳәм бунда кредитти тартыў Муўапықластырыў комиссиясын хабардар еткен ҳалда әмелге асырылады.
Ири қарыз алыўшылардың финанслық жағдайы жаманласқан жағдайда Муўапықластырыў комиссиясы төлеў қәбилетин тиклеў ушын финанслық қуралларды қолланыў, соның ишинде, бар болған қарызларды қайтарыў ушын және де қолайлы шәртлердеги жаңа кредитлерди (ишки ҳәм сыртқы қарыз алыў) тартыў, сондай-ақ, қарыздарлық шәртлерин қайта көрип шығыў, соның ишинде, мүддетлерди создырыў, төлемлер графигин өзгертиў, процент ставкасын төменлетиў ямаса қарыз валютасын өзгертиў бойынша усыныслар береди.
Муўапықластырыў комиссиясының қаржы ресурсларын тартыўды бийкарлаў ҳаққындағы қарарынан наразы болған ири қарыз алыўшылар оның үстинен нызамшылықта белгиленген тәртипте судқа шағым етиў ҳуқықына ийе.