Усы Реже Өзбекстан Республикасында "Ең жақсы метролог" таңлаўын өткериў тәртибин белгилейди.
Режеге бола, "Ең жақсы метролог" сыйлығын алыў ушын таңлаў төмендеги номинациялар бойынша өткериледи:
- илимий метрология бағдарындағы ең жақсы метролог;
- әмелий метрология бағдарындағы ең жақсы метролог;
- ең жақсы жас метролог
"Ең жақсы метролог" сыйлығын бериўдиң тийкарғы нормалары төмендегилерден ибарат:
- мәмлекетимиз санаатын раўажландырыўдың тийкарғы факторы сыпатында метрология тараўын раўажландырыўға үлес қосыў;
- метрология, билимлендириў ҳәм социаллық әҳмийетке ийе жумыслардың нәтийжелилиги.
Талабанлар ҳәр жылы 10-апрельге шекем белгиленген ҳүжжетлерди арза менен бирге Таңлаў комиссиясының хаткерине усынады.
Таңлаў жеңимпазлары ҳәр жылы 20-май қарсаңында салтанатлы жағдайда сыйлықланады.
"Ең жақсы метролог" сыйлығының жеңимпазлары арнаўлы көкирек белгиси ҳәм диплом менен сыйлықланады.