Усы Реже қурылыс объектлеринде QR-кодлы паспортты жайластырыў тәртибин белгилейди.

Қурылыс объекти аймақлық инспекцияларда дизимнен өткерилген күни буйыртпашы объектке кириў орнына ямаса ҳәммениң кириўи ушын мөлшерленген басқа ҳәр қандай орынға QR-кодлы паспортты қойыўы шәрт.

QR-кодлы паспорт қурылыс оъбекти аймақлық инспекцияларда дизимнен өткерилген күннен баслап пайдаланыўға тапсырылғанға шекем әмел етиўи керек.

QR-кодлы паспорт ығаллыққа ҳәм сыртқы тәсирлерге шыдамлы материалдан таярланған, улыўма өлшемлери 2400×1200 мм болған ҳәм жер бетинен кеминде 1 метр бийикликте орнатылған болыўы керек.

Қурылыс объекти аймақлық инспекцияда дизимнен өткерилгеннен соң, "Ашық-айдын қурылыс" мәлимлеме системасында автомат түрде объект бойынша дәслепки мағлыўматлар бетиниң QR-коды қәлиплестириледи.