Режеге муўапық, ижараға алыўшы жер участкасына болған ижара ҳуқықын тек ғана нызам ҳүжжетлеринде ямаса ижара шәртнамасында нәзерде тутылған жағдайларда ижараға бериўшиниң келисимисиз гиреўге қойыўға ҳақылы.
Жер участкасын ижараға алыў ҳуқықын гиреўге қойған ҳалда кредит бериў тәртиби кредит шөлкеми тәрепинен ишки қағыйдаларға муўапық еркин түрде белгиленеди.
Кредит шөлкеми жер участкасын ижараға алыў мүддетинен ҳәм оның базар баҳасынан келип шыққан ҳалда кредит тәмийнаты сыпатында ижара ҳуқықын гиреўге алады.
Онда гиреўге қойылатуғын жер участкасына болған ижара ҳуқықының мүддети кредитти қайтарыў мүддетинен кеминде 5 жылға көп болыўы керек.
Жер участкасына ижара ҳуқықы гиреўин мәмлекетлик дизимнен өткериў Мәмлекетлик кадастрлар палатасының район (қала) лық филиалы тәрепинен әмелге асырылады.
Жер участкасына болған ижара ҳуқықы гиреўге қойыўшы тәрепинен сапластырылған жағдайда, гиреўге алыўшы өндириўди гиреў предметине мүддетинен алдын қаратыўға ҳақылы.









