Модуллерде мағлыўматлардың толық ҳәм дурыс киргизилиўи ҳәм жаңаланыўы ушын медициналық шөлкемлер ямаса дәриханалар жуўапкер есапланады.
Медицина шөлкемлери ҳәм дәриханалардағы модуллерден пайдаланыў имканияты тек ғана шыпакерлерге, фармацевтика мағлыўматына ийе болған дәрихана хызметкерлерине, мийирбийкелерге ҳәм ординатор-шыпакерлерге (пайдаланыўшыларға) бериледи.
Пайдаланыўшы реал ўақыт режиминде "Электрон медицина картасы" модулине төмендеги мағлыўматларды киргизеди ҳәм сол ўақыттың өзинде бул мағлыўматлар басқа модуллерге автоматластырылған түрде жибериледи:
наўқастың идентификация номери, фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты, туўылған сәнеси;
наўқастың диагнозы ҳәм медициналық көрсеткишлери;
лабораториялық ҳәм инструменталлық анализлердиң нәтийжелери;
дәри-дәрмақлардың электрон рецептлери;
амбулаториялық ҳәм (ямаса) стационар медициналық карталар.
Мәмлекетлик мәлимлеме системаларын жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша бирден-бир интегратор - «UZINFOCOM»:
буйыртпа берилген күннен баслап 15 жумыс күни даўамында медицина шөлкемлери ямаса дәриханаларда модуллерди орнатыўды әмелге асырады;
бир жылда кеминде бир мәрте пайдаланыўшыларды хатлаўдан өткереди ҳәм модуллерден пайдаланыў ҳуқықларын қайта көрип шығады;
модуллерден пайдаланыў ҳәм оларды сынақтан өткериў процесинде мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлейди, сондай-ақ, берилген модуллердиң дурыс ислеўин қадағалайды.
Наўқаслар «DMED» мобил қосымшасы арқалы өз мағлыўматлары, электрон медициналық картасы, кеселлик тарийхы ямаса модуллерге киргизилген электрон рецептлер менен танысыўы мүмкин.
Пайдаланыўшылар төмендегилерди тәмийинлеўи керек:
модуллердеги жеке мағлыўматлардың сыр сақланыўы, соның ишинде, басқа шахсларға логин, пароль ямаса ЭРИ кодларын бермеў;
ҳәр бир медициналық картадан мағлыўматларды реал ўақыт режиминде киргизиў.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 20.04.2026-жылдан күшке киреди, деп жазады «Norma».