Реже Өзбекстанның миллий тәбийғый мийрасы объектлериниң статусы ҳәм түрлерин, олардың реестрин қәлиплестириў, сондай-ақ, олардың аймақларында қурылыс жумысларын әмелге асырыў тәртибин белгилейди.

Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети бул тараўда ўәкилликли уйым есапланады.

Режеге муўапық, Өзбекстанның миллий тәбийғый мийрас объектлери төмендеги түрлерге бөлинеди:

биологиялық;

геологиялық;

гидрологиялық;

палеонтологиялық

Басламашы тәбийғый объектти Өзбекстан миллий тәбийғый мийрас объектлериниң реестрине киргизиў ҳаққындағы мәселени көрип шығыў бойынша усынысларды ўәкилликли уйымның аймақлық бөлимине усынады.

Усынысқа қосымша:

тәбийий объект ҳаққында мағлыўматнама;

оның геолокациясы;

фото ҳәм видео материаллар усыныс етиледи.

Усыныс 15 жумыс күни даўамында көрип шығылады.

Аймақлық бөлим тәбийғый объекттиң орынларға шыққан ҳалда белгиленген талапларға муўапықлығын үйренеди ҳәм нәтийжелер бойынша акт дүзеди.

Ўәкилликли уйым аймақлық бөлим тәрепинен жиберилген ҳүжжетлерди 5 жумыс күни даўамында көрип шығады ҳәм ўәкилликли уйымның буйрығы тийкарында тәбийғый объектти Өзбекстанның миллий тәбийғый мийрасы объектлериниң дизимине киргизеди.