Өзбекстанда балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў бойынша Стратегия тастыйықланды

    Социаллық турмыс 18 желтоқсан 2025 278

    Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен ислеп шығылған Өзбекстанда балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў бойынша 2026-2030-жылларға мөлшерленген Стратегия ҳәм ҳәрекетлер режеси тастыйықланды. Ҳүжжет "Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында"ғы нызамның әмелий ҳәм системалы орынланыўын тәмийинлеў, олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм қоллап-қуўатлаўдың турақлы механизмин қәлиплестириўге қаратылған.

    Стратегияны қабыл етиў мәмлекеттиң халықаралық миннетлемелерин орынлаўдың бир бөлеги болып есапланады. "Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында"ғы нызам қабыл етилгеннен соң, Өзбекстан Боготинский шақырығына қосылды ҳәм Pathfinding халықаралық альянсына қосылып, балаларға зорлыққа пүткиллей тоқтап болмаў принципине садықлығын тастыйықлады.

    Стратегия зорлықтың барлық түрлерин қамтып алады ҳәм INSPIREның халықаралық көзқарасларына тийкарланған болып, онда алдынғы дүнья тәжирийбеси ҳәм ең жақсы әмелиятлар есапқа алынған. Ол пүткил жумыс циклин: анықлаў, жуўап бериў, профилактика ҳәм мониторингти қамтып алады.

    Шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, зорлық ақыбетинде шаңарақтан ажыратылған балаларға социаллық хызметлер көрсетиўди шаңараққа максимал жақын болған орталықта шөлкемлестириў, бала ҳәм шаңарақ ушын социаллық хызметлер системасын жетилистириў нәзерде тутылмақта.

    Стратегияның принципиаллық әҳмийетли элементи уйымлараралық бирге ислесиў болып есапланады. Балаларды қорғаў Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң муўапықластырыўшы роли тийкарында билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, социаллық қорғаў, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа да уйымлардың биргеликтеги жуўапкершилиги сыпатында қаралмақта.

    "Бүгин мен ҳәм командамыз ушын айрықша күн. Президент тәрепинен "Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаўдың 2026-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясы ҳаққында"ғы Пәрманға қол қойылды. Биз жәмәәтимиз бенен бул жумысқа көп ўақыт, күш ҳәм жүрек сарыпладық. Балаларды шын мәнисинде қорғайтуғын система жаратыў ушын дүнья тәжирийбесин ҳәм ең жақсы әмелиятларды терең үйрендик.

    2026-жылдың өзинде профессионал тутыныўшы шаңарақлар менен ислесиўди баслаймыз. Балалар психолог ҳәм юристлерден, шаңарақлар болса қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақлық терапиядан пайдаланыў имканиятына ийе болады. Шын кеўилден исенемен - шаңарақты бузыў емес, ал оны қоллап-қуўатлаў ҳәм тиклеўге жәрдемлесиў зәрүр. ⠀

    Биз принципиаллық қарар қабыл еттик - республикалық оқыў-тәрбия мәкемелерин толық жаўып таслаймыз. Олардың орнына жәмийетке қарсы минез-қулыққа ийе болған балалар ушын жәмийетке интеграцияласыў орайларын шөлкемлестиремиз, бул орайларда жазалаў емес, ал нормаль турмысқа қайтыўға итибар қаратылады. ⠀

    Мен ушын ең әҳмийетли болған өзгерислердиң бири бул нызамшылықтағы өзгерислер болса керек. Мен терең исенемен, тергеў де, суд та жәбирленген бала ушын жаңа қорқыў ямаса дәрт дәрегине айланбаўы керек.

    Бул кең көлемли өзгерислердиң тек ғана бир бөлеги. Бул әҳмийетли ҳәм қыйын мийнет ушын Социаллық қорғаў агентлиги жәмәәтине ҳәм барлық шериклеримизге миннетдаршылық билдиремен", - деп атап өтти Шаҳноза Мирзиёева.

    Ҳүжжетте зорлықтан жәбир көрген балаларды, сондай-ақ, олардың шаңарақларын қоллап-қуўатлаў ҳәм реабилитациялаўға айрықша итибар қаратылған. Жаңа социаллық ҳәм реабилитациялық хызметлер енгизилип, шаңарақты беккемлеў, позитив ата-аналарды раўажландырыў илажлары күшейтилмекте. "Меҳрли шаңарақ" хызмети, профессионал тутыныўшы шаңарақ институтын енгизиў, киши комплектли социаллық қоллап-қуўатлаў орайларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

    Сондай-ақ, стратегияда нызам ҳүжжетлерине, соның ишинде, жынаят, жынаят-процессуал, жынаят-атқарыў ҳәм ҳәкимшилик ҳуқыққа комплексли өзгерислер киргизиў нәзерде тутылған. Олардың мақсети - тергеў ҳәм судлаўдың барлық басқышларында баланың қорғалыўын тәмийинлеў, балаларға дос болған әдил судлаў принциплерин енгизиўден ибарат.

    Зорлық-зомбылықтан жәбирленген ҳәм гүўа болған балалар ушын биринши тергеў ҳәрекетлеринен-ақ бийпул юридикалық жәрдем енгизиледи, балаға зорлық-зомбылық шаңарақта жүз берген жағдайларда судқа шекемги басқышта ҳәм суд процесинде барлық процессуал ҳәрекетлерде қәўендерлик уйымы ўәкилиниң қатнасыўы мәжбүрий етип белгиленеди; сорастырыў, тергеў ҳәм суд басқышларында баланың мәплерин билдириў ушын процесс қатнасыўшысы сыпатында социаллық хызметкер тартылады; бала ҳәм зорлық-зомбылық ислеген шахс арасында жүзбе-жүз сөйлесиў тек ғана тергеўшиниң ҳәм прокурордың қарары ямаса судтың ажырасыўы тийкарында өткериледи; баланың көрсетпелери қайтадан жәбирлениўдиң алдын алыў мақсетинде мәжбүрий видеожазыўға алынады.

    Стратегияның айрықша блогы социаллық қәўипли жағдайдағы балаларға бағышланған. Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелери толық сапластырылсын. Олардың орнында балалар ҳәм олардың шаңарақларын реабилитациялаў ҳәм қоллап-қуўатлаўға бағдарланған социаллық интеграциялаў ҳәм қоллап-қуўатлаў орайлары, сондай-ақ, киши комплектли социаллық жәрдем орайлары шөлкемлестирилмекте. Буннан тысқары, сапалы билим алыў имканиятын тәмийинлеў мақсетинде бундай балалар бағдарланыўы мүмкин болған билимлендириў шөлкемлериниң саны 258 ге шекем арттырылмақта.

    Мүнәсибет билдириў ҳәм мәлимлеме алмасыўдың жеделлигин арттырыў мақсетинде Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Ишки ислер министрлиги ҳәм басқа да уйымлардың мәлимлеме системаларын интеграциялаў нәзерде тутылған. Барлық билимлендириў мәкемелеринде - мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринен баслап колледжлерге шекем "қәўипсиз мектеп" концепциясы, сондай-ақ, буллинг ҳәм санлы зорлыққа қарсы гүресиў илажлары енгизиледи.

    Буннан тысқары, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық қорғаў тараўы хызметкерлери тәрепинен зорлық ислеў жағдайлары ҳаққында хабар бермегени ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти енгизиў усыныс етилмекте.

    Қабыл етилген Стратегия реал жағдайларды таллаў, изертлеўлер ҳәм әмелий тәжирийбеге тийкарланған болып, ҳәр бир баланың ҳуқықлары менен абаданлығын қорғаўға қаратылған избе-из системалы реформалардың бир бөлеги болып есапланады.



    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates