Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң хабар бериўинше, Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Жанылғы-энергетика тараўында базар механизмлерин енгизиўде жәрдемге мүтәж халықты мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы қарарына (ПҚ-134-санлы, 02.04.2025-ж.) муўапық, 2025/2026-жылғы жылытыў мәўсиминде халықтың кем тәмийинленген қатламларын қосымша материаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде усы жылдың ноябрь айында төмендеги категориядағы шаңарақларға 1 млн сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратылады:
"Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" мәлимлеме системасы арқалы балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем алатуғын шаңарақлар;
"Кәмбағал шаңарақлар реестри"не киргизилген шаңарақлар;
"мәҳәлле жетилиги" тәрепинен қәлиплестирилетуғын қосымша дизимге киргизилген шаңарақлар.
Қосымша дизимди дүзиўде биринши гезекте төмендеги категориялар есапқа алынады:
бағыўшысынан айырылған шаңарақлар;
қурамында I ямаса II топар майыплығы болған шахслар болған шаңарақлар;
майыплығы болған баланы тәрбиялап атырған шаңарақлар;
газ тәмийнаты ҳәм орайласқан ысытыў системасы болмаған көп квартиралы турақ жайларда жасайтуғын шаңарақлар;
бир үйде үш ҳәм оннан артық шаңарақлар бирге жасайтуғын шаңарақлар;
узақ ўақыт емлениўди талап ететуғын аўыр кеселликлери болған шахслар болған шаңарақлар;
күтимге мүтәж жалғыз баслы пуқаралар, сондай-ақ, жалғыз баслы кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар.
Егер шаңарақ көрсетилген категорияларға жуўап берсе ҳәм жәрдемге мүтәжлер қатарына кирсе, усы жылдың 25-сентябрьине шекем "мәҳәлле жетилиги"не мүрәжат етиўи керек.



