Өзбекстан ҳәм Россия инклюзив билимлендириў ҳәм социаллық қорғаў тараўында шерикликти күшейтпекте

    Социаллық турмыс 30 қараша 2025 238

    Социаллық қорғаў миллий агентлиги басшылары А.И.Герцен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университетиниң ректоры Сергей Тарасов пенен ушырасты. Илаж инклюзив билимлендириў ҳәм социаллық қорғаў тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған нәтийжели сөйлесиў болды.

    Ушырасыўда бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары додаланды:

    имканияты шекленген балалар ҳәм жаслар ушын заманагөй методикалар, оқыў қолланбалары ҳәм инновациялық билимлендириў технологияларын биргеликте ислеп шығыў;

    педагоглар, дефектологлар, психологлар, социаллық хызметкерлер ҳәм адаптив спорт бойынша тренерлер ушын маманлық арттырыў бағдарламаларын кеңейтиў, сондай-ақ, жаңа оқыў модуллерин енгизиў;

    тосқынлықсыз орталықты қәлиплестириў, инфраструктураны бейимлестириў, жәмийетлик орынларда қолайлықлар жаратыў ҳәм алдынғы тәжирийбелер тийкарында социаллық хызметлер көрсетиўде инклюзив қатнасты күшейтиў.

    Ушырасыў тәреплердиң бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў, бар басламаларды тереңлестириў ҳәм халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў бойынша алдынғы шешимлерди енгизиўге таяр екенин көрсетти.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates