"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, ҳаўа температурасының көтерилиўи даўам етеди. Бүгин күндизги ўақытлары ҳаўаның температурасы 8-13гр жыллыға шекем, шемби ҳәм екшемби күнлери 14-17гр жыллыға шекем көтериледи.

Ҳаўаның түнги температурасы да көтериледи. Республика аймағының көпшилик бөлегинде түнде 0-5 градус ыссы болады. Түнги ўақытларда күшсиз суўық республиканың айырым аймақларында сақланып турады.

Самал шығыстан күшсизден орташаға шекем еседи.

Ташкентте 13-15-март күнлери жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы күндиз 11-13гр жыллы, дем алыс күнлери 13-15гр жыллы болады. Ҳаўаның температурасы түнде 1° суўық - 4° жыллы.