Тийкарғы мақсетли көрсеткишлер:

160 "Суў жеткерип бериў хызмети" мәмлекетлик мәкемелериниң финанслық еркинлигин арттырыў;

2026-жылы Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Наманган, Самарқанд ҳәм Сырдәрья ўәлаятларындағы насос станцияларының 50 процентин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында басқарыўға бериў;

2027-жылдың ақырына шекем Наманган ўәлаятындағы насос станцияларының 100 процентин, тараўдағы үлгили тәжирийбени есапқа алған ҳалда, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында басқарыўға берилиўин тәмийинлеў;

"Суўшылар мектеби" жойбары шеңберинде 141 районда кеминде 3,5 мың гектар жер майданларында оқыў-дала станцияларын шөлкемлестириў.

Дослық районында суў ресурсларын басқарыў ҳәм олардың есабын ашық-айдын жүргизиў бойынша әмелге асырылып атырған тәжирийбе-сынақ жойбары шеңберинде:

437 фермер хожалығы тәрепинен суў тутыныўы ҳәм пайдаланылған суў көлеминиң ашық-айдын бақланыўын, ажыратылған суў ресурсларының белгиленген лимитлер шеңберинде жеткерип берилиўин тәмийинлеў;

1 804 дана "ақыллы" суў есаплағышларды орнатыў, сондай-ақ, жылына 107 миллион куб метрге шекем ямаса 33 процент суў ресурсларын үнемлеў;

узынлығы 159 км болған суўғарыў тармақлары участкасын бетонлаў ҳәм узынлығы 541 км болған суўғарыў тармақлары участкасын техникалық жақтан саз жағдайға келтириў.

"Суў жеткерип бериў хызмети" мәмлекетлик мәкемелериниң жумысын буннан былай да жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары:

мүтәжликлер ҳәм финанслық имканиятларды есапқа алған ҳалда штатларды басқарыўдың бейимлесиўшең системасын енгизиў;

Суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўдан келип шығып, Суў жеткерип бериў хызметлери хызметкерлериниң жумыс нәтийжелилигиниң әҳмийетли көрсеткишлерин (KPI) анықлаў ҳәм олардың тийкарында хошаметлеў системасын жолға қойыў;

Суў жеткерип бериў хызметлериниң финанслық еркинлигин арттырыў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў.

Суў жеткерип бериў хызметлери штат бирликлериниң санын еркин белгилеўи, Мәмлекетлик бюджетке суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық түсимлериниң 40 проценти муғдарындағы қаржыларды МББды беккемлеў ушын бағдарлаўы мүмкин болады.

Суў хожалығы объектлерин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында басқарыўға алған жеке меншик шерикке төмендеги миннетлемелер жүкленеди:

суў алыў лимити шеңберинде суў тутыныўшыларын ҳәм халықтың қыйтақ жерлерин белгиленген тәртипте суў менен тәмийинлеў;

бар болған барлық суў хожалығы объектлерин мәмлекетлик шерик пенен келисилген ҳалда басқарыў;

суўдың есабы ҳәм есабаты, соның ишинде, автоматластырылған системалар арқалы толық жүргизилиўин тәмийинлеў;

хызмет көрсетиў аймағындағы барлық суў хожалығы объектлерин басқышпа-басқыш модернизациялаў.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери ҳәр жылы аймақлар кесиминде жергиликли бюджеттен Суў жеткерип бериў хызметлерине ажыратылатуғын қаржылар муғдарын индекслеўди әмелге асырады.

Бир ай мүддетте жергиликли бюджеттен 2025-жыл ушын Суў жеткерип бериў хызметлерине ажыратылған қаржылар олардың индексациясын есапқа алған ҳалда қайта есап-санақ етилип, ажыратылмаған қаржылардың қалған бөлеги төлеп бериледи.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 15.10.2025-жылдан күшке кирген, деп жазады «Norma».