Қарарға муўапық, Қураллы Күшлер қатарына мүддетли әскерий хызметке шақырылған пуқараларға төмендеги жеңилликлер ҳәм кепилликлер бериледи:

2026/2027-оқыў жылынан баслап:

әскерлерге хызмет ўақтында бакалавриаттың аралықтан оқыў формасына абитуриент сыпатында дизимнен өтиўге, кириў имтиханларында қатнасыўға ҳәм оқыўға кириўге рухсат бериледи. Онда төлемли-контракт тийкарында қабыл етилген әскерлерге жеңиллетилген билимлендириў кредити ажыратылады;

хызмет дәўиринде оқыўға қабыл етилген әскерлер жоқары оқыў орынларының әскерий таярлық оқыў орайларында оқыған студентлерге теңлестириледи ҳәм оқыўды тамамлағаннан кейин оларға "Запастағы лейтенанты" әскерий атағы бериледи;

республикалық ҳәм халықаралық жарысларда, олимпиадаларда 1-орынларды ийелеген, әскерий хызметти үлгили өтеп шыққан әскерлер арасынан таңлаў тийкарында таңлап алынған 100 әскер жоқары әскерий билимлендириў мәкемелерине тиккелей тест сынақларынсыз қабыл етиледи;

Олимпиада ҳәм Азия ойынлары бағдарламаларындағы спорт түрлери бойынша республикалық ҳәм халықаралық жарысларда 1-орынды ийелеген әскерлер Денетәрбия ҳәм спорт университетине имтихансыз мәмлекетлик грант тийкарында қабыл етиледи.