Өзбекстанда автомектеп питкериўшилерине бирден-бир үлгидеги электрон гүўалықлар бериледи

    18 қазан 2025 784

    Енди айдаўшылық гүўалығын алыў ушын имтихан тапсырып атырған пуқаралар айдаўшылық курсларын питкергенлиги ҳаққында қағаз ҳүжжетлерди усыныўы шәрт емес. Мағлыўматлар «e-avtota'lim.uz» модули арқалы электрон түрде автоматластырылған түрде тексериледи.

    Бул Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 15-октябрьдеги "Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 31-майдағы "Автотранспорт қураллары ҳәм қалалық электр транспорты айдаўшыларын таярлаў ҳәм қайта таярлаў бойынша мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлериниң жумысын лицензиялаў тәртибин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы 408-санлы қарарына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы 642-санлы қарарында нәзерде тутылған.

    Ендиликте айдаўшылық гүўалығын алыў ушын теориялық ҳәм әмелий имтиханларды қабыл етиў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсететуғын исбилерменлик субъектлерине шахстың айдаўшылық курсларын тамамлағаны ҳаққындағы электрон гүўалық реал ўақыт режиминде Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик қәўипсизлик департаментиниң «e-avtota'lim.uz» модули арқалы автоматластырылған түрде бериледи.

    Еслетип өтемиз, Министрлер Кабинетиниң 20.07.2022-жылдағы 393-санлы қарарында билимлендириў шөлкемлери айдаўшыларды таярлаў (қайта таярлаў) бағдарламасына муўапық бирден-бир үлгидеги айдаўшыларды оқытыўды жуўмақлағаны ҳаққындағы гүўалықлардың электрон базасын жүргизиў ушын материаллық-техникалық базаға, сондай-ақ, бул мағлыўматларды реал ўақыт режиминде Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Бирден-бир автоматластырылған мәлимлеме системасына киргизиў имканиятына ийе болыўы белгиленген.

    «e-avtota'lim.uz» модули реал ўақыт режиминде бирден-бир электрон сертификат берилиўин қадағалаў ушын айдаўшылыққа оқытыўшы исбилерменлик субъектлериниң мәлимлеме системаларына үш ай мүддетте интеграцияланады.

    Бир түрдеги электрон сертификатлар ушын төлем алынбайды.

    Ҳүжжет пенен электрон гүўалықтың үлгиси де тастыйықланды, деп жазады «Norma».

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates