Өзбекстанда мопед ҳәм скутер ий елери айдаўшылық гүўалығын биймәлел алады

    27 қазан 2025 1083

    2026-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстанда максимал конструктивлик тезлиги 25 км/сааттан аспайтуғын мопед, скутер ҳәм басқа да механикалық транспорт қуралларын басқарыў ушын мөлшерленген жаңа категориядағы "А1" айдаўшылық гүўалығы енгизиледи.

    ИИМ ЖҲҚБ баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, жаңалықлар Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 25-октябрьдеги 676-санлы қарары менен тастыйықланған болып, онда жол ҳәрекети тараўындағы өзгерислерди басқышпа-басқыш енгизиў нәзерде тутылған.

    Тийкарғы жаңалық сонда, А1 категориясын алыў ушын автомектепте оқыў талап етилмейди - пуқаралар тиккелей имтиханнан өтиўи мүмкин болады.

    2026-жыл 1-февральдан баслап "А" ҳәм "Б" категориясындағы ҳуқықларды қолға киргизиўди қәлеўшилер авто мектебинде мәжбүрий курслардан өтпестен, бағдарламаның теориялық бөлимин еркин үйрениўи мүмкин болады.

    2026-жыл 1-апрельден баслап елимизде қәўипсизликти арттырыў ҳәм жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў мақсетинде автоматикалық фото ҳәм видеофиксациялаў камералары арқалы жазып алынған қағыйдабузарлықлар ушын жәрийма баллары системасы енгизиледи.

    Көрилген илажлар айдаўшылардың жуўапкершилигин арттырыў ҳәм Өзбекстан жолларында қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates