Бул көрсеткиш 2015/2016-оқыў жылы басына салыстырғанда 170,9 мың адамға ямаса 43,4 процентке артқан.

Олардың 71 процентин (401,3 мың) ҳаял-қызлар, 29 процентин (163,6 мың) ер адамлар қурайды.

Улыўма билим бериў мәкемелериндеги оқытыўшылардың жыллар бойынша саны:

2015/2016-оқыў жылы басына шекем - 385 мың адам;

2016/2017-оқыў жылы басына - 390,6 мың адам;

2017/2018-оқыў жылы басына 409,4 мың адам;

2018/2019-оқыў жылы басына шекем - 444,2 мың адам;

2019/2020-оқыў жылы басына шекем - 486,6 мың;

2020/2021-оқыў жылы басына шекем - 508 мың;

2021/2022-оқыў жылы басына шекем - 510 мың адам;

2022/2023-оқыў жылы басына шекем - 521,6 мың;

2023/2024-оқыў жылы басына шекем - 547,8 мың.

2024/2025-оқыў жылы басына шекем - 564,9 мың адам.