Бул ҳүжжет пенен "Баспа жумысы ҳаққында"ғы нызамға төмендегилерге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди:
баспа бас редакторының ҳуқықый статусын белгилеў;
оқыў мәдениятын хошаметлеў.
Нызам менен киргизилген қосымшаларға бола, бас редактор лаўазымына жоқары мағлыўматқа ҳәм баспа жумысында кеминде 3 жыллық мийнет стажына ийе шахс тайынланады.
Бас редактор шөлкемниң шөлкемлестириўшиси (шөлкемлестириўшилери) ямаса басшысы тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымынан азат етиледи.
Баспа кәрханасының баспа өнимин шығарыў ҳаққындағы қарар бас редактор тәрепинен қабыл етиледи.








