Бул платформа арқалы жүк тасыў ҳәм логистика хызметлери толық санлы системаға өткерилди.

E-logistikaны ислеп шығыў ҳәм енгизиў Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы шеңберинде нәзерде тутылған болып, бул қәрежетлерди азайтыў, процесслерди жеделлестириў ҳәм логистика хызметлериниң сапасын арттырыўға қаратылған.

Платформа базар қатнасыўшылары - жүк жөнелтиўшилер, тасыўшылар ҳәм алыўшылар ушын мөлшерленген.