Илаж еки мәмлекет арасындағы дәстүрий дослық байланысларын беккемлеў, саўда-экономикалық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў, исбилерменлер арасындағы тиккелей байланысларды кеңейтиўде әҳмийетли платформа болды.

Форумда еки тәреплеме саўданың унамлы пәти айрықша атап өтилди. 2025-жылдың жуўмағы бойынша өз-ара товар алмасыўдың көлеми 965 миллион долларды қурады. Тәреплер бул көрсеткишти жақын келешекте 1 миллиард доллардан асламға жеткериўди тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеп алды.

Өзбекстан тәрепинен тоқымашылық, металлургия ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң экспорты турақлы артып баратырғаны атап өтилди. Өз гезегинде, Беларусь гөш ҳәм сүт өнимлери, фармацевтика товарлары ҳәм санаат үскенелерин жеткерип бериўди избе-из көбейтип бармақта.

Форумда азық-аўқат санааты, қурылыс, мебель қурылысы ҳәм тоқымашылық тараўларында жумыс алып барып атырған елимиздиң 50 ге шамалас жетекши исбилерменлери қатнасты. Гомель ўәлаятының ири кәрханаларының ўәкиллери өзлериниң экспорт потенциалы ҳәм инвестициялық имканиятлары менен таныстырды. Тәреплер өндирис кооперациясын раўажландырыў, қоспа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм жаңа базарларға шығыў перспективаларын ҳәр тәреплеме додалады.

Илаж шеңберинде Гомель ҳәм Ташкент ўәлаятлары саўда-санаат палаталары арасында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге, гөш ҳәм сүт өнимлери, аўыл хожалығы техникасы ҳәм ағаш өнимлерин жеткерип бериў бойынша коммерциялық шәртнамаларға қол қойылды.

Ерисилген келисимлер еки мәмлекет исбилерменлери арасында узақ мүддетли ҳәм турақлы бирге ислесиўди беккемлеў, жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм өз-ара саўда көлемин және де арттырыўға хызмет етиўи күтилмекте.