Делегация ўәкиллери Витебск ўәлаяты атқарыў комитети басшылары менен гезектеги ушырасыў өткерди.
Онда сапар даўамында үйренилген шарўашылық комплекслерин өзлестириў имканиятлары, салық сиясатын буннан былай да қолланыў перспективалары, миграция жеңилликлери, салық жеңилликлери ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер додаланды.
Сапар етиў жуўмағында исбилерменлер тәрепинен үйренилген шарўашылық комплекслеринде жумысты жолға қойыў бойынша анық илажлар белгиленди. Сондай-ақ, жақын ўақыт ишинде тийисли ҳуқықый тәртип-қағыйдалар өткерилиўи режелестирилип атырғаны мәлим етилди.
Соның менен бирге, тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, еки аймақ арасында саўда-экономикалық байланысларды беккемлеўден мәпдар екенин атап өтти.