Өзбекстан Мәмлекетлик бажыхана комитети тәрепинен пуқараларға жолаўшы бажыхана декларациясын онлайн режимде толтырыў ҳәм тапсырыў имканиятын беретуғын электрон хызмет иске қосылды. Буның ушын Android ҳәм iOS операцион системасындағы смартфонлар ушын мөлшерленген жаңа мобил қосымша ислеп шығылған.