Бундай қарар Баку қаласында болып өткен ТМШға ағза мәмлекетлер суд-экспертиза шөлкемлери Кеңесиниң биринши мәжилиси жуўмақлары бойынша қабыл етилди.

Мәжилис жумысында шөлкемге ағза мәмлекетлердиң 17 суд-экспертиза мәкемесиниң басшылары қатнасты. Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Орайлық бажыхана лабораториясы, сондай-ақ, Әдиллик, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрликлери системасындағы қәнигелескен эксперт структуралары қатнасты.

Түркий мәмлекетлер суд-экспертлик шөлкемлери тармағын (TSET) шөлкемлестириў бойынша өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылыўы мәжилистиң әҳмийетли ўақыясы болды.

Ҳүжжетке муўапық, Өзбекстан бажыхана хызмети түркий мәмлекетлердиң бирден-бир суд-экспертиза шөлкеми сыпатында белгиленгени оның жоқары дәрежедеги профессионал потенциалының тән алыныўы болды.

Атап өтилиўинше, 2021-жылы Жәҳән бажыхана шөлкеминиң регионаллық статусын алған Орайлық бажыхана лабораториясы кейинги жыллары кең көлемли модернизациялаў басқышынан өтти. Бул жерде суд экспертизасының жаңа бағдарлары енгизилип, лабораториялық тексериў имканиятлары кеңейтилди, көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы сезилерли дәрежеде жақсыланды.

Бүгинги күнде лаборатория тек ғана бажыхана уйымларына емес, ал басқа да ҳуқық қорғаў структураларына, сондай-ақ, бизнес ўәкиллерине жоқары маманлықтағы экспертлик жәрдем көрсетпекте.

Бакуде қол қойылған меморандум экспертлик жумысты стандартластырыў, сапаны басқарыў системасын жетилистириў, илимий-изертлеў бирге ислесиўин раўажландырыў, кадрлар таярлаў ҳәм ТМШ мәмлекетлери арасында мәлимлеме алмасыўды кеңейтиў ушын жаңа имканиятлар ашады.

Илаж шеңберинде Орайлық бажыхана лабораториясының баслығы Р.Рузиев Түркия, Әзербайжан, Қазақстан ҳәм Қырғызстанлы кәсиплеслери менен де еки тәреплеме ушырасыўлар өткерди. Тәреплер синтетикалық нәшебентлик қуралларын анықлаў, олардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў, сондай-ақ, келешектеги әмелий бирге ислесиў перспективаларын додалады.