Оны тапсырыў мәресиминен соң болып өткен сөйлесиўде елши Өзбекстанда сиясий, экономикалық ҳәм социаллық тараўларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, демократиялық институтларды беккемлеўге қаратылған қәдемлер ҳаққында Понтификке мағлыўмат берди, деп жазбақта "Дунё" МА.
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атынан Рим Папасына қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклери жеткерилди.
Папа Лев XIV Өзбекстан Президенти ҳәм халқына терең ҳүрмет-иззет сезимин билдирди. Ол Ватикан ҳәм Өзбекстан арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылған 33 жыл даўамында түрли миллет ҳәм исеним ўәкиллери арасында дослық ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеўге қаратылған беккем бирге ислесиў потенциалы қәлиплескенин атап өтти.
Понтифик Самарқандтың шығыс ҳәм батыс дүньясына тәсир көрсетиўши ири философиялық ҳәм диний ой-пикирлер орайы сыпатындағы әҳмийетине айрықша итибар қаратты. Өзбекстан дәстүрий түрде динлераралық татыўлық ҳәм кеңпейиллик принциплерин алға қойыў тәрепдары екени, бул бағдардағы халықаралық басламаларды белсене қоллап-қуўатлайтуғыны атап өтилди.
Ушырасыў соңында Рим папасы Лев XIV Президент Шавкат Мирзиёевтиң абаданлығы ҳәм Өзбекстан халқының раўажланыўы ушын пәтия ететуғынын атап өтип, Муқаддес Тахт ҳәм Өзбекстан арасындағы дослық ҳәм конструктивлик бирге ислесиў буннан былай да беккемлениўин тиледи.
Еслетип өтемиз, Фаррух Турсунов Өзбекстанның Испаниядағы елшиси есапланады. 2024-жыл 9-апрель күни дипломат Испания Патшасы Филипп VI ға исеним жарлығын тапсырды.
Сондай-ақ, дипломат бир ўақыттың өзинде Өзбекстанның Андоррадағы елшиси есапланады. Ол 2025-жыл 11-март күни Андораның жәрдемши ҳүкимдары, Франция Президенти Эммануэль Макронға исеним жарлығын тапсырды.